2020-жылдың 20-июль күни 2020-2021-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларының бакалавриат билимлендириў бағдарларына абитуриентлерди онлайн түрде дизимге алыў өз жуўмағына жетти.

 

Хабарыңыз бар, тест сынақлары шөлкемлестирилип атырған оқыў жылынан алдынғы жылларда билимлендириў мәкемелерин питкерген абитуриентлер тест сынақларында қатнасыў ушын базалық есаплаў муғдарының ярым есеси – 111 мың 500 сум муғдарында төлем төлейди.

 

Мәмлекетлик тест орайы ҳәзирги ўақытта дизимнен өткен, бирақ төлемди төлеўге үлгермей қалған абитуриентлер ушын бүгин, 21-июль күни саат 23:59 ға шекем төлемди төлеўи мүмкин екенлигин мәлим етти.

 

Еслетип өтемиз, тест сынақлары ушын төлемди белгиленген мүддетте төлемеген абитуриентлер дизимге алынбаған болып табылады ҳәм тест сынақларында қатнаса алмайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.