Усы жылдың 17-июль күни Қарақалпақстан Республикасының Төрткүл, Шоманай, Тахтакөпир, Беруний, Елликқала районлары ҳәм Нөкис қаласы «Жермүлккадастр» кәрханаларының басшы хызметкерлери менен дүзилген шәртнамалар бийкар етилип, лаўазымынан азат етилген. Бул ҳаққында «Давергеодезкадастр» комитети хабар бермекте.

 

Хабарда жазылыўынша, жақында комитетте тазалаў жумыслары басланған болып, басшылық лаўазымларынан пайдаланған, өз жумысларына жуўапкерсизлик пенен қарап, система мәкемелеринде жумысларды жеткиликли дәрежеде шөлкемлестирмегенлиги ҳәм ең баслысы халықтың машқалаларын терең үйренип, шешим таппағаны ушын басқа да бирнеше басшы хызметкерлер жумыстан босатылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.