Алыс аўылларда да мобиль оқыў шөлкемлестирилетуғын болды

465

Күни кеше Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен мобиль тәжирийбе арттырыў хызметлери тийкарында шөлкемлестирилген автобусларды аймақларға тарқатыў илажы болып өтип Ташкент қаласынан өз мәнзиллерине жол алған еди.

Бул мобиль тәжирийбе арттырыў хызметлери республиканың алыс ҳәм шетки аймақларында жайласқан мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң педагог кадрлары ушын енгизилген болып, тәжирийбе-сынаў түринде усы автобуслар Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәрья, Наўайы ҳәм Самарқанд ўәлаятларына берилди.

Мобиль тәжирийбе арттырыў хызметлери төрт аудитория көринисиндеги қайта үскенеленген автобуслар негизинде шөлкемлестирилген.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайы ушын ажыратылған автобус Нөкис қаласына жетип келди.

Орайда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Педагогикалық шеберлик орайының басшылары, тараў қәнигелериниң қатнасыўында усы автобустың тапсырылыў мәресими өткерилди.

Илажда атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-сентябрьдеги тийисли пәрманына тийкарланып усы жылдың 1-мартынан баслап тәжирийбе-сынаў тәризинде республиканың алыс ҳәм шетки аймақларында жайласқан мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериндеги педагог кадрлар ушын мобиль қәнигелик арттырыў хызметлерин енгизиў белгиленген.

– Автобуслар бир ўақыттың өзинде 14 педагогқа сабақ өтиў ушын оқыў орынлары, 10 NR маркалы ноутбук, 1 дана 65 дюймлы интерактив монитор, жазыў доскасы, 1 интернет тарқатыўшы қурылма WI FI router менен қайта үскенеленген. Бул автобустан узақ ҳәм шетки аймақларда жасайтуғын мәмлекетлик ҳәм жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң педагог кадрлары ушын мобиль қәнигелик арттырыў хызметлерин көрсетиў, яғный үзликсиз кәсиплик раўажландырыў (“методикалық шеберлик күни” ҳәм “методикалық шеберлик сабағы”) илажларын тийисли аймақларға барған ҳалда өткериў, тренинг, семинар ҳәм басқа да илажларды шөлкемлестириў мақсетинде пайдаланылады. Педагогларға өзлери жасайтуғын ҳәм жумыс ислейтуғын орынларынан узақласпаған ҳалда үзликсиз кәсиплик раўажланыўы, билимлерин жаңалап барыўы арқалы мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасын арттырыў имканиятлары жаратылады. Автобуслар тренинглер, семинарлар ҳәм әмелий сабақларды өткериў ушын барлық зәрүр үскенелер менен толық тәмийинленген,-дейди орай директорының орынбасары Әмирхан Қайыпназаров.

Бундай мобиль автобустың жолға қойылыўы, әлбетте, алыс аўыллардағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде жумыс ислеп атырған ҳаял-қызларды Нөкиске әўере болып келип, ҳәптелеп қәнигелигин арттырыў сабақларына қатнаўдан қутқарып, өз шаңарағының жанында болыўына ҳәм басқа да руўхый, материаллық зыянлардың алдын алыўға жәрдем береди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги