Мийнетлери мүнәсип баҳаланды

455

Өзбекстан «Адолат» Социал-демократиялық партиясы шөлкемлестирилгенлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен Ташкент қаласында байрам илажы болып өтти.

Өткерилген илажда партияның Қарақлпақстан Республикасы Кеңеси баслығының орынбасары Ш.Төрешова ҳәм партияның Қоңырат районлық Кеңесиниң баслығы А.Ембергеновалар «Адолат» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Сыйлықларды партияның Сиясий Кеңес баслығы Робахон Махмудова тапсырды. Мәмлекетимиздиң раўажланыўына ҳәм партияның кеңнен танылыўында, сондай-ақ, халықтың жәмийетлик турмысында әдалатлы пуқаралық жәмийетин қурыўда табыслы мийнет еткенлиги ушын миннетдаршылық билдирди.

Жаңа Өзбекстан деп аталған Конституция ҳәм Нызамлар үстинлиги тәмийинленген мәмлекетимизде инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў ҳәм ҳуқықый мәмлекет қурыўдай саўаплы жумысларында әўметлер тилеймиз!

Қарақалпақстан хабар агентлиги