Профилактикалық әҳмийетке ийе 908 ис көшпели суд мәжилислеринде көрилген

425

 

Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судлары тәрепинен өткен жыл даўамында әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң суд арқалы қорғалыўын тәмийинлеў, суд әмелиятын улыўмаластырыў, халықтың ҳуқықый мәдениятын көтериўде үгит-нәсият жумысларын жүргизиў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, судлардың өндирисинде биринши инстанция тәртибинде улыўма 29620 пуқаралық ис ҳәм материал болып, соннан 20466 пуқаралық ис көрип тамамланды. Олардың улыўма саны алдынғы жылға салыстырғанда 1909 ға, яғный  10,3 процентке көбейген.

Жәми 36907 арза бойынша суд буйрығы шығарылып, олардың саны алдынғы жылға салыстырғанда 9340 ге, яғный 33,9 процентке көбейди.

Көрилип тамамланған ислерден 16609 ис бойынша шешиўши қарарлар шығарылып, соннан 15412 ис бойынша даўа арзалар қанаатландырылды, Ал, 1197 ис бойынша даўа арза қанаатландырылмастан қалдырылып, 501 и ис жүргизиўден қысқартылды.

2024-жыл даўамында судлар тәрепинен профилактикалық ҳәм тәрбиялық әҳмийетке ийе 908 (4,4%) ис көшпели суд мәжилислеринде көрип шығылды.

Жәми көрип тамамланған ислер категориялары бойынша таллап қаралғанда,  питимлер менен байланыслы 9377 (соннан 63,4 проценти кредит шәртнамасы менен байланыслы ислер), шаңарақ қатнасықлары менен байланыслы 3880 (соннан 56,2 проценти некеден ажырасыў менен байланыслы ислер), айрықша тәртипте көрилген 2397 (соннан 21,4 проценти перзентликке алыў ҳаққындағы ислер), турақ жай тартыслары менен байланыслы 1549 (соннан 77,2 проценти өзбасымшалық пенен қурылған қурылысты буздырыў менен байланыслы ислер), мийнет қатнасықлары менен байланыслы 981 (соннан 28,8 проценти жумысқа тиклеў, 53,3 проценти ис ҳақы өндириў менен байланыслы ислерди қурады. Сондай-ақ,  салық қарыздарлығын өндириў менен байланыслы 947 ис, зыянды өндириў менен байланыслы 591 ис, меншик ҳуқықы менен байланыслы 288 ис (соннан 70,8 проценти мүлкти басқа адамның нызамсыз ийелигинен алып бериў менен байланыслы ислер), жер менен байланыслы 248 ис (соннан 41,1 проценти өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жерлерди қайтарыў менен байланыслы ислер), коммуналлық төлемлерди өндириў менен байланыслы 101 ис, басқа мазмундағы 107 ис көрип шығылған.

2023-жылға салыстырғанда питимлер, турақ жай, мийнет қатнасықлары, зыянды өндириў, коммуналлық төлемлерди өндириў ҳәм басқа мазмундағы ислер көбейген болса, айрықша тәртипте жүргизилетуғын, шаңарақ қатнасықлары менен байланыслы, салық қарызын өндириўге байланыслы, жер менен байланыслы, меншик ҳуқықына байланыслы ислер азайды.

2024-жылы судлар тәрепинен анықланған нызамбузыўшылықларды сапластырыў ҳәм алдын алыў мақсетинде кәрхана, мәкеме, шөлкемлер қарсысына 189 айрықша уйғарыўлар шығарылған.

Сондай-ақ, есабат дәўиринде судлар тәрепинен ҳуқық қорғаў уйымларына жынаят белгилери болыўы мүмкинлиги ҳаққында 19 хабарнама берилди.

Қарақалпақстан Республикасы суды пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясы апелляция инстанциясында улыўма 546, кассация инстанциясында улыўма 263, ревизия инстанциясында 211 ис қаралып, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясы ревизия инстанциясында 11 ис көрилген.

Солай етип, апелляция, кассация, ревизия инстанцияларында жәми 1030 ис көрилген болса, соннан 798 ис бойынша қабыл етилген суд қарарлары өзгериссиз қалдырылды. 106 ис бойынша суд қарарларына өзгерислер киргизилип, 126 ис бойынша суд қарарлары бийкар етилди.

Есабат дәўиринде судлар тәрепинен 261 мәрте ғалаба-хабар қураллары арқалы шығыўлар әмелге асырылып, 228 мәрте мәкеме, кәрхана ҳәм оқыў орынларында ушырасыўлар өткерилди.

Судларға 2024-жылы жәми 2705 мүрәжат келип түсти. Соннан 147 мүрәжат қанаатландырылып, 2495 мүрәжат бойынша тийисли тәртипте түсиниклер берилди.

Жуўмақлап айтқанда, судлар тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлери, нызамлы мәплериниң суд арқалы қорғалыўын тәмийинлеўдеги жумыслар даўам еттириледи.

 

 

А.Керимбаев,

Қарақалпақстан Республикасы

судының пуқаралық ислери

бойынша судлаў коллегиясы баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги