Аналар ҳәййиўи-меҳир булағы

483

Ҳәййиў – бул аналардың перзентлерине болған шексиз меҳири,  кемпир апаларымыздың ақ пәтиясы,  кеўлиндеги уллы үмити. Ҳәр бир ҳаял – бесик тербетип айтқан ҳәййиўи менен гөззал, және қәдирли.

Усындай бай мийрасларымызды филиал студент – қызлары арасында үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, олардың мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға белсене қатнасыўын тәмийинлеў,  бос ўақытларын мазмунлы өткериў, қызларымызды үлкен турмысқа, шаңараққа, келешекте ана болыўға таярлаў мақсетинде, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Аналар ҳәййиў айтқанда» атамасында таңлаў болып өтти.

Таңлаўды «Спорт түрлери» факультети деканы Д.Нурышов кирис сөз бенен ашты ҳәм барлық қатнасыўшыларға табыслар тиледи.

Шөлкемлескенлик пенен өткен таңлаўға филиалдың барлық қәнигеликлеринен студент-қызлар қатнасты.

Таңлаў шәртлери бойынша төрешилер тәрепинен қатнасыўшылардың ҳәййиў айтыў шеберлиги, жанлы ҳаўазда қосық атқарыўы ҳәм оның мазмунына айрықша итибар қаратылды.

Қызықлы өткен таңлаў соңында, биринши орынды «волейбол» қәнигелигиниң студенти Перийзат Балтабаева ийелеўге миясар болды.

Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынларды «көркем гимнастика» қәнигелигиниң студенти Миясар Хожамбергенова, «велоспорт» қәнигелигиниң студенти Дүрдана Акманова ҳәм «каратэ-до» қәнигелигиниң студенти Шахноза Уразбаевалар  жеңип алды.

Таңлаў соңында жеңимпазлар ҳәм белсене қатнасыўшыларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы