Депутат мәҳәлле «жетилик»лери менен ушырасты

436

Бүгин Олий Мажлис Нызамшылық палатасына  ӨзМТДПдан сайланған  депутат Руслан Джумамуратов Нѳкис қаласындағы Анасай мәкан пуқаралар жыйынында болып, мәҳәлле «жетилик»лери менен ушырасты.

Илаж даўамында депутат тәрепинен мәмлекетимизде нызамшылықта жүз берип атырған өзгерислер ҳәм жаңалықлар, қабыл етилип атырған пәрман, нызам ҳәм қарарлардың мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында  мағлыўматлар берилди.

Сондай ақ, “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасының әмелге асырылыўында мәҳәлле “жетилик”лери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар, пикир-усыныслар тыңланды.

– Мәҳәлле «жетилиги» –  мәкан пуқаралар жыйыны баслығы, хәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, профилактика инспекторы, социаллық хызметкер ҳәм салық инспекторының жумыс ѳнимдарлығы олардың ҳәр бириниң ѳз жумысларына болған жуўапкершилигине тиккелей байланыслы,-дейди Анасай МПЖның ҳаял-қызлар белсендиси Гүлнара Есебаева.  – Бүгинги сәўбетлесиў даўамында усы бағдардағы жумысларымыздың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған бир қатар мағлыўматларға ийе болдық.

Аймақта халықтың саны 5865, ал шаңарақлар саны 1128 болып, олардың жергиликли транспорттан пайдаланыў талабын қанаатландырыў мақсетинде 65-санлы жѳнелисли таксилер санын кѳбейтиў, сондай ақ, пуқаралардың қыйтақ жерлеринен ѳнимли пайдаланыў мақсетинде ақаба суў менен тәмийинлеў бағдарында бир қатар мүрәжат ҳәм усыныслар билдирилди.

Депутат тәрепинен бул мәселелер тийисли тәртипте қадағалаўға алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги