Өзбекстан мусылманлары мәкемеси Пәтўа орайының милодий 2025/ҳижрий 1446 жылғы Рамазан айы ушын закат төлеми, питир садақасы ҳәм фидия муғдары бойынша қарары қабыл етилди, оған бола:

501

Закат төлеми

Өзбекстан мусылманлары мәкемеси Пәтўа орайы быйылғы Рамазан айы ушын закат төлемин ≈ 85 грамм 585 пробалы алтынның баҳасынан келип шығып 61 200 000 (алпыс бир миллион еки жүз мың) сум деп белгиледи.

Соған қарап, кимде зәрүрлигинен тысқары кеминде 61 200 000 (алпыс бир миллион еки жүз мың) сум қунындағы ақшалай қаржысы ямаса сондай қундағы саўда-коммерциялық товары болса, жәми қаржылардың қырықтан бири (2,5%)н закат нийетинде мүтәжлерге береди.

Питир садақасының муғдары

Питир садақасының муғдары төмендегише белгиленди:

≈ 2 кг бийдай унынан – 10 000 (он мың) сум;

≈ 4 кг арпадан – 16 000 (он алты мың) сум;

≈ 2 кг кишмиштен – 110 000 (бир жүз он мың) сум;

≈ 4 кг хурмадан – 180 000 (бир жүз сексен мың) сум деп белгиленди.

Ҳәр ким өз имканиятына қарай усы төрт өнимнен қәлеген бирин ямаса оның баҳасын питир садақасы нийетинде берсе болады.

Фидия муғдары

Бир күнлик фидия муғдары питир садақасының муғдары менен бирдей болады.

Солай екен, ҳәр ким өз имканиятына қарай усы төрт өнимнен қәлеген биреўин ямаса оның баҳасын фидия сыпатында берсе болады.

Өзбекстан мусылманлары мәкемеси Пәтўа орайы