Шаңарақлардың социаллық-экономикалық жағдайы перзентлериниң академиялық нәтийжелерине тәсир етпекте

280

Турақлы раўажланыўда билимлендириўдиң сапасы үлкен әҳмийетке ийе. Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институты (МАИИ) тәрепинен өткерилген изертлеўде билимлендириў сапасындағы машқалалар анықланды.

Изертлеўде Өзбекстанда «PISA-2022» сораўы арқалы алынған нәтийжелерден пайдаланылған. Сораў мәмлекеттиң ҳәр қыйлы аймақлары бойынша 15 жасар оқыўшылардың жуўапларын жәмлеген болып, оның тийкарында жаратылған мағлыўматлар базасы 202 мектеп ҳәм 7293 оқыўшыны қамтып алады. Үй-хожалықлары шаңарақтың социаллық-экономикалық келип шығыўына қарап өсиў тәртибинде бөлгенде, жоқары онлықта жайласқан шаңарақлардың перзентлери төменги онлықтағы шаңарақлардың перзентлерине қарағанда жоқары нәтийже көрсетти.

Соның ишинде, математикадан 43,7 балл, оқыў пәнинен 39,8 балл, тәбийғый пәнлерден болса 36,7 балл айырмашылық бар. Социаллық-экономикалық жағдай индексиниң 1 бирликке жақсыланыўы нәтийжелерди математикалық пәнлерден 9,5 баллға, оқыў пәнинен 9,2 баллға, тәбийғый пәнлерден болса 7,9 баллға көтереди.

Изертлеўге бола, үйге тапсырмаларды орынламайтуғын оқыўшылар арасында социаллық-экономикалық келип шығыўына тийкарынан өзгешеликлер бар. Үй тапсырмасын орынламайтуғын оқыўшылар социаллық-экономикалық келип шығыўы бойынша төменги онлықтағы шаңарақлар перзентлериниң 6,7 процентин, жоқары онлықтағы шаңарақлар перзентлериниң болса 3,3 процентин қураған.

Оқыў ҳәптеси даўамында айлық есабынан мийнет ететуғын 15 жастағы оқыўшылар социаллық-экономикалық келип шығыўына бола, төменги онлықта жайласқан шаңарақлар перзентлериниң шама менен ҳәр үшеўинен биреўин қурайды. Үй тапсырмаларын орынламаў PISA нәтийжелерин орташа 16 баллға, мийнет ҳақы есабынан мийнет етиў болса 37 баллға төменлететуғыны анықланды.

Сабақтан алдын азанғы аўқатты жемейтуғын оқыўшылар саны да социаллық-экономикалық жағдайға байланыслы. Оқыў ҳәптеси даўамында сабақтан алдын азанғы аўқатты жемейтуғын оқыўшылар социаллық-экономикалық келип шығыўы бойынша төменги онлықта жайласқан шаңарақлар перзентлериниң 13,6 процентин, жоқары онлықта жайласқан шаңарақлар перзентлериниң болса 9,5 процентин қурайды. Бул жағдай PISA нәтийжелерин орташа 20 баллға азайтатуғыны анықланды. Онда кәмбағал шаңарақлардың перзентлери жоқары дәраматлы шаңарақлардың перзентлерине қарағанда 34 балл аз нәтийже көрсеткен.

МАИИ қәнигелери тәрепинен билимлендириўдеги айырмашылықты қысқартыў бойынша мәмлекетлик билимлендириў нызамшылығында мақсетли көрсеткишлерди халықаралық тест нәтийжелерине тийкарланып анықлаў ҳәм социаллық топарлар кесиминде белгилеў усыныс етилмекте. Сондай-ақ, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар жасайтуғын барлық аймақларда бийпул түслик ҳәм азанғы аўқатланыў системасын енгизиў мақсетке муўапық. МАИИ есап-санақларына бола, мектеплерде бийпул түслик енгизилиўи қатнасты 8 процентке арттырыў имканиятын береди.

Н.Зиёдуллаева таярлады, ӨзА