Дем алыў орайлары ҳаққында мағлыўматлар берилди

Балалардың дем алысын ҳәм оларды саўалландырыўды шөлкемлестириў департаментиниң Қарақалпақстан басқармасының «Жаз-2025» балалардың дем алысын ҳам оларды саўалландырыўды жоқары дәрежеде системалы шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы режеси тийкарында, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги менен биргеликте «Жазғы дем алыста барлық оқыўшылар Дем алысты орайларында» сүрени менен үгит-нәсият илажы болып өтти.
Нөкис қалалық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде өткерилген илажда Балалардың дем алыўын ҳәм оларды саўалландырыўды шөлкемлестириў департаментиниң Қарақалпақстан басқармасы баслығы Сатбай Өтеўлиев шығып сөйлеп, республикамыздағы оқыўшылардың дем алыў орынлары, онда жаратылған шараят ҳәм мүмкиншиликлер ҳаққында илаж қатнасыўшыларына кең түрде мағлыўматлар берди.


Илажда мектеп муғаллимлери ҳәм оқыўшылар тәрепинен шөлкемлестириўшилерге бир қатар сораўлар берилип, оларға жуўаплар алды.
Ушырасыў соңында илажға белсене қатнасқан оқыўшыларға көркем-әдебий китаплар саўға етилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы