Рамазан айында 1минг 743 мешитте хатым Қуран илажлары өткериледи

468

Бул ҳаққында АОКАда өткерилген брифингте Дин ислери бойынша комитети мәлимлеме хызметиниң басшысы Илҳам Маърупов мәлим етти.

Қәнигениң атап өтиўинше, 2024-жылы 14 жаңа мешит мәмлекетлик дизимнен өткерилген ҳәм бүгинги күнде республика бойынша 2 мың 145 мешит жумыс алып бармақта. 64 мешитте түп-тийкарынан қайта қурыў ҳәм 17 мешитте оңлаў жумыслары жуўмақланды. Ҳәзирги ўақытта республикамызда 198 исламий емес диний шөлкем бар.

Өзбекстан ҳәм Кавказ мусылманлары мәкемеси, Қазақстан ҳәм Қырғызстан мусылманлары диний басқармалары, Түркияның Диёнат басқармасы Пәтўа комиссияларының жуўапкерлери және Түркий мәмлекетлер шөлкеми ўәкиллериниң қатнасыўында онлайн мәжилислер шөлкемлестирилди.

Сөйлесиўлерде 2025-жылы Рамазан айының басланыўы ҳәм Рамазан ҳайттың биринши күнин анықлаў мәселелери додаланды. Пәтўа комиссиялары ағзаларының арасында Рамазан айының биринши күни 1-март, шемби күнине туўра келиўи бойынша бир аўыздан анық жуўмақ шығарылды.

Усы пазыйлетли айда «Рамазан – сақыйлық, татыўлық ҳәм кеңпейиллик айы» идеясы тийкарында мүтәжлер ҳәм илим-ағартыўшылық жолында изленип атырған жасларға жәрдем бериў бойынша басламаларды қоллап-қуўатлаў, шаңарақлық байланысларды беккемлеў, мәҳәллелерде өз-ара түсинисиў ҳәм исеним орталығын күшейтиў және ҳүрмет ҳәм мийрим-шәпәәт қәдриятларын үгит-нәсиятлаўға, қоршаған орталықты қорғаў, муқаддес орынлар, зыяратхана ҳәм қойымшылықларды абаданластырыў, нәллер егиў ҳәм  Рамазан айы менен байланыслы илажларда белгиленген нормаға әмел етиў ҳәм ысырапгершиликке жол қоймаўға айырықша итибар қаратыў сыяқлы ўазыйпалар режелестирилген.

Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип түрде өткериў, елимиздеги мөмин-мусылманларға ҳәр тәреплеме қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм имам-кәтиблердиң жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў бойынша Дин ислери бойынша комитети ҳәм Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң биргеликтеги бағдарламасы және Медиа реже ислеп шығылды.

Быйылғы Рамазан айында республикада жумыс алып барып атырған 2 мың 145 мешиттен 1 мың 743 инде хатым Қуран илажларын өткериў режелестирилмекте.

Муҳайё Тошқораева,

ӨзА