«Йош» талантлы жаслар ушын үлкен шеберлик мектеби

511

Республикамызда талантлы жаслар өзлериниң эстрада қосықшылығы бағдарындағы қәбилетлерин жүзеге шығарыўы ушын шөлкемлестирилген «Йош» жойбарының 1-мәўсими жуўмақланып, 2-мәўсими өз жумысын баслады. Жойбардың 1-мәўсим жеңимпазы жас талант ийеси, шебер атқарыўшы Әзим Қалбаев пенен сәўбетлестик.

– Музыкаға қызығыўшылығыңыз қашан басланды?

– Мен балалықтан қосық айтыўға, саз әсбапларын шертиўге қызығатуғын едим. Ҳәр күни анама «жеке концерт бағдарлама»мды қойып берип, оның мени мақтап «Мениң балам халық сүйген, үлкен қосықшы болады» деп айтқан гәпине мәс болып отыратуғын едим. Музыкаға қызығыўшылығымды көрген анам мени 3-класс ўақтымда Есжан бақсы атындағы балалар музыка көркем өнер мектебиниң рубаб атқарыўшылығы бөлиминеа оқыўға алып барды. Ол жерде 9-классқа шекем рубаб саз әсбабын шертиўдиң сырларын үйренип, музыкалық билимимди теориялық жақтан байытып бардым. 6-класс ўақытларымда Нөкис қалалық Мәденият бөлимине қараслы «Арзыў» эстрада халық ансамблине қатнаса басладым. Дәслеп қарақалпақ халық қосықларын атқардым. 11-классты тамамлап Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Көркем өнер факультети Вокал атқарыўшылығы қәнигелигине оқыўға тапсырдым. 2019-2023-жыллар даўамында усы жерде оқып, вокал атқарыўшылығы бойынша барлық билимлерди алыўға ҳәрекет еттим. Студентлик дәўиримде музыкаға деген ықласым және де артты.

– Устазларыңыз ҳаққында айтып өтсеңиз.

– Мениң биринши устазым Есжан Бақсы атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде рубаб саз әсбабын шертиўди үйреткен инсан Мухтар Рахманов. Биринши мәрте рубабта «Йош» қосығын шертиўди үйренгенмен.

«Арзыў» эстрада халық ансамблинде маған Дәўлет аға Дошымов устазлық етти. Қарақалпақ халық қосықларын атқарыў бойынша барлық билимлерин берди. Оғада талапшаң устаз болды. Абитуриентлик дәўирлеримде опера атқарыўшысы Дәрибай Хожабергенов мени таярлады ҳәм сол инсанның мийнетлериниң арқасында студент болыўдай үлкен бахытқа мияссар болдым.  Студентлик ўақытларымда Өзбекстан, Қарақалпақстан ҳәм Қазақстанға хызмет көрсеткен артист, тәжирийбели устаз, күшли опера атқарыўшысы Роза Қутекеева маған вокал атқарыўшылығы бойынша устазлық етти. Мен ол инсаннан көплеген билимлерди алдым. Мени опера бағдарына қызықтырды.

– «Йош» жойбарының абзаллығы неде деп ойлайсыз?  

– Бакалаврды тамамлап магистратурада оқыўды Қазақстан мәмлекетинде даўам етпекши едим. Шаңарақлық себеплерге байланыслы бул ойым әмелге аспай қалды. Соң «Йош» жойбары ҳаққында рекламаларда көрип қалдым. Барлық жаслар усы жойбар ҳаққында айтатуғын еди. Мен де қызығып қалдым ҳәм декабрь айында болып өткен кастингке қатнастым. Кастингде 153 жас атқарыўшы қатнасқан болса, соннан 20 қатнасыўшы сайлап алынды. Мен де олардың арасында болдым. Бул мен ушын үлкен бахыт еди. Сайлап алынғанлардың арасында Зарима Махсудова, Шыраз Пиралиев, Хурлиман Мухамедалиева сыяқлы оғада таланты қосықшылар бар еди. Барлығы өзине тән даўыс ийелери.

6 басқышта «беллесиўлер» болып өтти. Мен 1-басқышта Димаш Қуйбергенниң «If I never breathe again» қосығын, 2-басқышта Дәўлет Атажановтың «Муҳаббатыңнан», 3-басқышта қатнасыўшы Хурлиман Мухаммедалиева менен Севара Назархон ҳәм Рашид Халиковтың «Бир кам дунё» ҳәм Мақсет Өтемуратовтың «Кеўил», 4-басқышта Шаманның «Ты моя», 5-басқышта Imagine Dragonның “Believer” ҳәм Ислам Муратпаев пенен дуэт «Аямадым», финал басқышта Бегзад Алланиязовтың «Келмедиң» ҳәм қазақ халық қосығы «Дайдидаў» қосықларын атқардым.

Финальда 7 қатнасыўшы қалдық. Ҳәр басқышта «қызыл аймақ»қа түскен қатнасыўшылар жойбарды тәрк етти. Онда Алланың қәлеўи менен биринши орынды ийеледим. Барлығы устазларымның берген билими ҳәм қызығыўшылығымның арқасында деп ойлайман. Ҳәр күни күшли таярлық алып бардым. Университетти питкерип кеткен болсамда, сол жерге студентлерден соң барып таярланып жүретуғын едим. Жойбар даўамында репертуар таңлаўда көп ойланып қалатуғын едим, бундай ўақытларда маған анам, устазларым, досларым көп жәрдем берди.

Расын айтсам жеңимпаз боламан деп ҳеш ойламадым. Мақсетим халықтың нәзерине түсип, өзимниң өнеримди көрсетиў ғана болған. Жеңимпаз болғанымнан оғада қуўанышлыман.

– Мийнеттиң жемиси дегенде нени түсинесиз?

– «Ўатанның раўажланыўына мениң үлесим» таңлаўының республикалық басқышында биринши орынды, «Дилларда Ватан мадҳи» таңлаўының республикалық басқышында биринши орынды ийелеп 5 миллион сумлық ваучер менен сыйлықландым. Соң усы таңлаўдың Өзбекстан Республикалық басқышда қатнасып 3-орынға ылайық көрилдим ҳәм 8 миллион сумлық ваучер менен сыйлықландым.

Сондай-ақ, «Ботир Зокиров» таңлаўының республикалық басқышында 2-орынға мияссар деп табылдым ҳәм Өзбекстан Республикалық басқышында күшли онлыққа кирдим. Қарақалпақстан телеканалында эфирге узатылған «Талант шоу» конкурсында 1-орын жеңимпазы болғанман. Буннан басқа да көплеген таңлаўларда қатнасып сыйлы орынларды ийелеп атырман. Мийнеттиң жемиси, ерисилген табысларда, деп түсинемен.

Келешекте билимлеримди, талантымды және де арттырып дүнья жүзи көлеминдеги таңлаўларда қатнасып, елимизди дүньяға танытыўды өзимниң ең баслы мақсетлерим етип қойғанман.

Биз жасларға усындай имканият жаратып берип атырған басшыларға, жойбар шөлкемлестириўшилерине үлкен миннетдаршылық билдиремиз.


Қарақалпақстан хабар агентлиги