Ыссыханалардан пайдаланыўдың әҳмийети артпақта

Қарар ҳәм оның орынланыўы
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-февральдағы “Қыйтақ жер ийелери ҳәм дийқан хожалықларының жумысларына заманагөй шөлкемлестириўшилик системасын енгизиў ҳәм қаржылай қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Агросанаатты раўажландырыў агентлиги қәнигелери тәрепинен Әмиўдәря районында ыссыханалардан нәтийжели пайдаланыў бойынша халықтың қыйтақ жерлеринде ықшам ыссыханалар шөлкемлестирип, жылына 2-3 мәрте өним алыў ҳәм лимоншылықты раўажландырыў бойынша әмелий усыныслар берилди.
Сондай-ақ, ыссыханаларда палыз өнимлерин жетистириўде тамшылатып суўғарыў системасының абзаллықлары ҳаққында түсиндириў жумыслары алып барылды.
Тийкарынан ыссыханада нәллерди тәрбиялаўда қыйтақ жер ийелерине кең түрде түсиник жумыслары алып барылып, атап айтқанда, оларды тәрбиялаў, минерал төгинлер менен азықландырыў, зыянкеслерден қорғаў бойынша усыныслар айтып өтилди.

Мағлыўмат ушын, бул ыссыханада тийкарынан болгар бурышы ҳәм помидор егинлери егилип, суўдан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде суўды үнемлеўши тамшылатып суўғарыў системасы енгизилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги