Социаллық тармақларда 20-июль күни Беруний районы аймағынан өтиўши «Нөкис-Ташкент» магистраль жолының жергиликли халық тәрепинен тосып қойылғаны, буған себеп сыпатында Найман каналына суў келмей атырғаны ҳаққындағы видеокөринислер тарқалды.

 

Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, ўақыя 2020-жылы 20-июль күни Беруний районы «Абай» АПЖ аймағындағы Қуралпа посёлкасында жүз берген. Хабарда жазылыўынша, халықтың наразылығын келтирип шығарған тийкарғы мәселе – қыйтақ жерлерге суў жетип бармай атырғаны ҳәм 10 күн даўамында Найман каналына суў келмегенлиги болған. Ўақыя орнына район ҳәкими ҳәм жуўапкер басшылар өз ўақтында жетип келген ҳәм қысқа ўақыттың ишинде машқала өз шешимин тапқан – Найман каналына суў жеткерип берилген.

 

Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң қосымша етиўинше, Беруний районы аўыл хожалығы бойынша 13 аймаққа бөлинген болып, бир ўақыттың өзинде усы аймақларға суў бериў қыйын. Бул бойынша гезекпе-гезек суўғарыў системасы енгизилген. Ҳәзирги ўақытта күнниң ыссы болып турғанлығы да егинлердиң тез суўсызланыўын келтирип шығармақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.