Басланған усы ҳәпте даўамында Өзбекстан аймағында ҳаўа райы ыссы ҳәм қурғақ болады. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди.

 

Температура түнде 20-25 градус, күндиз 35-40 градус болады. Шөл зоналарында ҳаўаның температурасы 42 градусқа шекем жетеди. Бул нормадағы өлшемлерден 4-6 градусқа жоқары болып есапланады.

 

Температура фонының жоқары болыўына қарамастан, бул регионымыз ушын аномал температура емес. Мәселен, 2018-2019-жылларда усы дәўирд күндизги температура 40-43 градусқа шекем жеткен. Өзбекстанның арқа ҳәм шөл зонасында температура өлшемлери 44-46 градус болғаны дизимге алынған. Усы дәўир ушын ең жоқары температура Наўайы ўәлаятындағы Бузаўбай метеостанциясында 2019-жыл 20-июльда дизимге алынған. Сол ўақытта ҳаўаның температурасы 47,7 градусқа жеткен еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.