Пандемия дәўиринде кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж болған шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бағдарында «Сақаўат ҳәм көмек» фондына қәўендерлер тәрепинен 6 миллиард 700 миллион сум келип түскен. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариевтиң халқымызға жоллаған мүрәжатында атап өтилген.

 

 

Соннан 11 593 шаңараққа 2 миллиард 740 миллион сумлық жәрдем көрсетилген.

 

Ҳәзирги ўақытта фондта 4 миллиард сум қаржы болып, барлық мүтәж шаңарақларға жәрдем көрсетиў имканияты бар.

 

Қайырқомлық қәўендерликлерди муўапықластырыў ҳәм волонтёрлық орайларына мүрәжатларды қабыллаў мақсетинде 1197 қысқа номерли телефон тармағы (Call-center) иске түсирилди.

 

Сондай-ақ, ҳәр бир қала ҳәм районларда арнаўлы телефон номерлери жәрдем көрсетиў ушын ислеп турыпты.

 

Қарақалпақстан Республикасындағы Қәўендерлик қайырқомлықларды муўапықластырыў ҳәм волонтёрлық орайының исеним номерлери (Call-center) ҳаққында төмендеги кесте арқалы танысыўыңызға болады.

 

 

1  Аймақлық штаб – 1197

2  Нөкис қаласы  – 1197

3  Әмиўдәрья районы – (61) 515-40-21

4  Беруний районы – (61) 524-45-07

5  Бозатаў районы – (61) 415-36-57

6  Қараөзек районы – (61) 465-45-76

7  Кегейли районы – (61) 412-32-47

8  Қоңырат районы – (61) 312-27-88

9  Қанлыкөл районы – (61) 332-11-94

10  Мойнақ районы – (61) 322-17-52

11  Нөкис районы – (61) 424-46-77

12  Тақыятас районы – (61) 572-35-64

13  Тахтакөпир районы – (61) 435-21-57.

14  Төрткүл районы – (61) 532-50-82

15  Хожели районы – (61) 554-10-35

16  Шымбай районы – (61) 444-02-75

17  Шоманай районы – (61) 346-29-74

18  Елликқала районы – (61) 585-28-15

 

Бул номерлерге ҳәр күни саат 9:00 ден 17:00 ге шекем мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

 

Жәрдемге мүтәж болған ҳәр бир пуқара «Call-center»ге мүрәжат етсе, қысқа мүддет ишинде зәрүр болған азық-аўқат ҳәм дәри-дәрмақлар менен тәмийинленбекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.