Усы жылдың 14-июль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигин арттырыў, оларды дәрамат дәреги менен тәмийинлеў мәселелерине бағышланған кеңейтилген видеоселектор мәжилиси болып өтти. Онда бүгинги күнде халық билимлендириўи тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, оқыўшылардың билим көрсеткишлери және билим бериўге қаратылған басқа да мәселелер ҳаққында айтылып, бул бойынша ең әҳмийетли мәселелерге итибар қаратылды. Өткерилген видеоселектор мәжилисинен келип шығып, халық бидимлендириўин сапасын ҳәм нәтийжелилигин сақлаған ҳалда, питкериўши жаслардың жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларынан табыслы өтиўи ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша халық билимлендириў басшыларына тийисли ўазыйпалар берилди. Бул ўазыйпалар заман талабынан келип шыққан ҳалда, келешекте улыўма билим бериў мектеплериниң билимлендириў сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға жаңаша қатнас жасаў менен байланыслы тәреплерин қамтып алған болып, келешекте улыўма билимлендириў мектеплериниң рейтинг көрсеткишлериниң нәтийжелери тийкарында белгилениўи көрсетилген. Ол өз гезегинде билим бериў  системасы басшыларына жуўапкершиликти және де көбирек арттырыўға қаратылған. Сондай-ақ, мәжилисте мектеп питкериўшилерин оқыўға ҳәм жумысқа қамтып алыў мәселелери де додаланды. Өзбекстанда жумыссызлардың 732 мыңын жаслар, 834 мыңын ҳаял-қызлар қурайды. Мәмлекетимиз басшысы мәжилисте усы жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў ең әҳмийетли ўазыйпаларымыздан бири екенлигин атап өтип, бул тараўда айрықша итибар қаратыў зәрүр болған машқалаларды көрсетип өтти. Усы жылы улыўма билимлендириў мектеплерин 450 мыңнан аслам жаслар питкерди. Солардан бир бөлегин жоқары оқыў орынларына ҳәм колледжлерге қамтып алған ҳалда, 170 мыңнан аслам жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди. 2020-2021-оқыў жылынан жасларды мектептен баслап турмысқа таярлаў ҳәм кәсипке үйретиў мәселесине комплексли қатнас жасаў белгиленетуғынлығын атап өтиў керек. Бул процесс 2 бағдарда әмелге асырылады. Яғный, оқытыў жолға қойылып атырған «Тәрбия» пәни арқалы жасларға жоқары мақсетлерге ерисиў бойынша мотивация бериў, өз үстинде турақлы ислеўи зәрүр екенлигин атап, олардың қызығыўшылықлары ҳәм таланты арқалы кәсипке бағдарлаў жумыслары шөлкемлестириледи. Оның ушын 7-класстан баслап мектеп оқыўшыларының кәсиплер кесиминде қызығыўшылықлары анықланады. 8-9-класс оқыўшылары программист, дизайнер, аўдармашы сыяқлы перспективалы кәсиплер ушын негиз болатуғын билим ҳәм көникпелерди ийелейди. 10-класстан роботехника, программалаў сыяқлы талабы жоқары кәсиплерге үйретиў жолға қойылады. Сондай-ақ Халық билимлендириў министрлиги жанындағы «Кәсипке таярлаў ҳәм сертификатлаў» орайын шөлкемлестириў ҳәм 11-класс питкериўшилерине ийелеген кәсиплик көникпелери бойынша халықаралық дәрежеде тән алынатуғын сертификатлар бериў режелестирилген. Мектеп директорлары ҳәм оқытыўшыларына өз питкериўшилериниң келешегине әҳмийетли қатнас жасаў бағдарындағы механизмди жолға қойыў ўазыйпасы белгиленди. Оған бола директорлардың жумысына буннан былай усы питкериўшилердиң жоқары оқыў орынларына кириўи, кәсип ийелеп өзлерине мүнәсип жумыс табыў дәрежесине қарап арттырылған мийнет ҳақы төлеў мехинизмин жолға қойыў ўазыйпасы да белгиленген.

 

Мухтар ИБРАГИМОВ,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,

Илим,билимлендириў, мәденият ҳәм спорт

мәселелери комитетиниң ағзасы

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги