16-июль күни ӨзР Бас министри Абдулла Арипов басшылығында коронавирус пандемияға қарсы гүресиў бойынша Республикалық арнаўлы комиссияның жыйналысы болып өтти.

 

Комиссия жыйналысында коронавирустан үйинде емленип атырған наўқасларды бийпул дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў бойынша қарар қабыл етилип, оларға жеткерип берилетуғын дәри-дәрмақлардың дизими тастыйықланды.

 

Буннан кейин коронавирус кеселлигинен үйинде емленип атырған наўқасларға «Гидроксихлорохин», «Азитромицин», «Парацетамол», «Витамин С» сыяқлы дәри-дәрмақлар және бир мәртелик медициналық нықапларды белгиленген нормада, бийпул жеткерип бериў жолға қойылады.

 

Коронавирус инфекциясы бойынша тест нәтийжелери оң нәтийже берген және кеселлик жеңил өтип атырғаны себепли шыпакерлердиң усынысына бола үйинде емленип атырған наўқаслар усы медициналық затлар менен бийпул тәмийинленеди.

 

Жыйналыста Денсаўлықты сақлаў министрлиги және тийисли мәкемелерге жеделлик пенен усы дәри-дәрмақлардың 50 мың топламын қәлиплестириў ҳәм үйинде емленип атырған наўқасларға жеткерип бериў системасын жолға қойыў ўазыйпасы жүклетилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.