КӘСИПЛИК БАЙРАМ АЛДЫНАН

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы  менен дөретиўшилик жумысларына қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде елимиз үлкен қурылыс майданына айланды. Буны Қарақалпақстан Республикасы мысалынан да көриўимизге болады.

Әсиресе, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 16-январьдағы «Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша жумыслар жедел алып барылмақта. Бунда бизиң жәмәәтимиз қурылысшыларының да мүнәсип үлеси бар екенлигин мақтаныш етемиз. Атап айтқанда, заманагөй жойбар тийкарында қурылған 800 тамашагөйге мөлшерленген Амфитеатр, 150 оқыўшыға мөлшерленген Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби мийнетимиздиң жемиси десек асыра айтқан болмаймыз.

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 28 байрамы алдында пайдаланыўға тапсырылған бул имаратлар район орайының көркине көрик қосыў менен бирге, турғынлардың ҳәм мийманлардың сүйикли орнына айланған. Ҳәр бир байрам илажлары, түрли темалардағы ушырасыўлар, белгили көркем өнер шеберлери, мәденият хызметкерлериниң қатнасындағы концерт бағдарламалары биз қурған усы имаратларда өткерилмекте. Буларды көрип, еткен мийнетиңнен разы боласаң.

Жәмәәтимиз тәрепинен өткен жылы Мойнақ районынан тысқары, Нөкис қаласындағы «Таслақ» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 315 оқыўшыға мөлшерленген улыўма билим бериў мектеби, Нөкис районы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны «Узынкөл-2» массивинде үлги жойбар тийкарындағы 12 квартиралы 6 турақ жай, Нөкис қаласы «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 45 квартиралы арзанлатылған турақ жайдың қурылыс жумысларын алып барып, пайдаланыўға тапсырдық. Әсиресе, улыўма билим бериў мектебиниң қурылғаны мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары ушын әжайып байрам саўғасы болды. Себеби, аймақ халқының перзентлери узақтағы мектеплерге қатнап оқыўға мәжбүр еди.

Президентимиз 2018-жылдың 15-16-ноябрь күнлери республикамызға сапары ўақтында танысқан Нөкис қаласы «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Нәўше» мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ҳәм шаңарақ поликлиникасы да бизиң қурылысшыларымыз тәрепинен пайдаланыўға тапсырылды. Бүгинги күни бул имаратлар халқымыздың ийгилигине хызмет етпекте.

Елимизде денсаўлықты сақлаў системасы, соның ишинде, қыстаўлы медициналық жәрдем хызметин жетилистириў, оның материаллық-техникалық базасын түпкиликли жақсылаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бүгинги күни республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалында да капитал оңлаў жумысларын алып бармақтамыз. Бул жерде 3 миллиард 702 миллион сумнан зыят  жумыс көлемин орынлаў режелестирилген болып, жәмәәтимиз тәрепинен бул объектти белгиленген мүддетинде сапалы етип тапсырыўдың барлық илажлары көрилмекте.

Президентимиздиң басламасы менен қайта шөлкемлестирилген, шарўашылыққа қәнигелестирилген Бозатаў районында да бүгинги күни үлкен қурылыс жумыслары алып барылмақта.  Әсиресе, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўи, олардың келешекте бәркамал әўлад болып жетилисиўи ушын бир қатар мәдений-турмыслық ҳәм спорт объектлери бой тиклемекте. Район орайындағы заманагөй жойбарлар тийкарындағы Амфитеатр пайдаланыўға тапсырылған болса, қаржы ҳәм бюджеттен тысқары пенсия қоры районлық бөлими имаратының қурылыс жумыслары даўам етпекте.

Тараўда алып барылып атырған кең көлемли жумыслар биз қурылысшылардың мийнетине болған айрықша итибар және ғамқорлықтың көриниси, десек болады. Бул үлкен исеним ҳәр биримизден еле де излениўди, белсендилик ҳәм пидайылықты талап етди.

Мирбек УТАМБЕТОВ,

«Қарақалпақ оңлаў қурылыс» жуўапкершилиги

шекленген жәмийетине қараслы 2-санлы

 Нөкис қалалық қурылыс басқармасының баслығы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги