БАЖЫХАНА ХЫЗМЕТИ

Президентимиз тәрепинен усы жылдың 14-апрели күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде республикамыз аймақларында аўыл хожалығы, санаат ҳәм қурылыс, экономиканың басқа да әҳмийетли бағдарларында, исбилерменлик субъектлеринде  жумысларды нәтийжели даўам еттириў ўазыйпасын алға қойылған еди.

Ҳақыйқатында да, бүгингидей сынаўлы күнлерде карантин талапларына қатаң әмел еткен ҳалда ҳәр бир тараўда жумыс жедел даўам еттирилсе, елимиз экономикамының турақлылығына, сондай-ақ, халқымыздың тынышлығы ҳәм абаданлығын тәмийинлеўге ерисиў мүмкин. Себеби, өндирис ҳәм жеңил санаат тараўларының раўажланыўы елимиз экспорт потенциалының тийкары болып табылады.

Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары болса, ана диярымызда жетистирилген ҳәм ислеп шығарылған өнимлерди дүнья базарына шығыўда исбилерменлик субъектлерине сүйениш болмақта. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен усы жылдың биринши ярым жыллығы даўамында жәми 168,7 миллион АҚШ доллары муғдарындағы товар экспорты әмелге асырылды. Бул товарлардың тийкарғы үлеси пластмассадан исленген буйымлар (полиэтилен), ийирилген жип, кальцийлестирилген сода ҳәм басқаларға туўра келеди. Соның менен бирге, усы дәўир ишинде 72,6 миллион АҚШ доллары муғдарындағы товар импорты әмелге асырылды ҳәм бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 62,3 миллион АҚШ долларына ямаса 46,2  процентке азайғанлығын көрсетеди.

Миллий өнимлеримиз тийкарынан Қытай, Россия Федерациясы, Түркия, Қазақстан, Латвия, Бангладеш, Тәжикстан, Аўғанстан ҳәм Украина мәмлекетлерине экспорт етилген болып, бул сыртқа саўда айланысындағы улыўма экспорт көлеминиң дерлик 70 процентин қурайды. Басқарма тәрепинен усы жылдың биринши ярым жыллығында бажыхана төлемлеринен мәмлекетимиз бюджетине 107 миллиард сумнан аслам қаржы өткерилди. Тийисли нызамшылыққа муўапық жәми 132 миллиард 423 миллион сумнан зыят бажыхана төлеминен жеңиллик қолланылды.

Соны айрықша атап өтиў керек, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 24-ноябрьдеги «Бажыхана ҳәкимшилигин жетилистириў ҳәм Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бажыхана хызмет уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында бажыханада қәўиплерди автоматластырылған басқарыў системасы толық режимде енгизилди. Усыған муўапық, 2018-жыл 1-декабрьден баслап, «сары» ҳәм «қызыл», 2019-жыл 1-марттан баслап болса, «жасыл» ҳәм «көк» коридорларға түсирилди.

Усы жылдың январь-июнь айларында қәўиплерди автоматластырылған басқарыў системасы тийкарында басқармаға қараслы Сыртқы экономикалық жумыс бажыхана постлары тәрепинен рәсмийлестирилген жәми 10830 бажыхана жүк деклерациясынан 4389 декларация ямаса 40 проценти «жасыл», 3220 деклерация «сары» ҳәм және 30 проценти «қызыл» коридор арқалы бажыхана қадағалаўы формасында әмелге асырылды.

Қәўиплерди автоматластырылған басқарыў системасын қолланған ҳалда бажыхана қадағалаўын өткергенде, «жасыл» коридор үлесиниң артқанлығы нызам тийкарында исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў менен бир қатарда, елимиздиң экспорт потенциалын арттырыў, жүклерди шегара постлары арқалы тез өткериўде тийкарғы фактор болмақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы