Елимиздеги тәбийғый ҳәм жасалма суў бассейнлери меншиклестирилип, балықшылыққа қәнигелестирилген фермер хожалықлары шөлкемлестирилмекте.

Елликқала районындағы «Диёр балиғи» фермер хожалығында бүгинги күнде балық жетистириўдиң заманагөй усылларын, техникаларын енгизиў жумыслары даўам еттирилмекте. Себеби, халықтың сапалы азық-аўқат өнимлерине болған талабын қандырыўда, диеталық өнимлерди жетистириўди және де көбейтиўде, халықтың абаданлығын тәмийинлеўде бул тараўдың орны айрықша.

Фермер хожалығына ажыратылған 1 гектар жердиң 70 сотыхинде жасалма бассейн шөлкемлестирилип, онда 3 түрдеги балықлардың шабақлары өршитилмекте. Фермердиң айтыўынша, усы жылдың август-сентябрь айларында бир тонна балық жетистирип, халықтың дәстурханына жеткерип бериў режелестирилген.

Ҳәзирги ўақытта исбилерменлерге жаратылып атырған имканиятлардан, жеңилликлерден пайдаланған ҳалда фермер хожалығында балықшылықтан тысқары бағшылық ҳәм қусшылық та жолға қойылған. Бүгинги күнде 30 сотых жерде жаратылған бағ мийўе бермекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги