Жақында Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм «Муҳаммед Юсуп избасарлары» клубы тәрепинен «Балаларға бериң дүньяны!» сүрени астында өткерилген таңлаўда, поэзия бағдары бойынша  Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шет тиллери факультети, Аўдарма теориясы ҳәм әмелияты қәнигелигиниң 1-курс студенти Меҳрибан Қартбаева Өзбекстан Республикасы көлеминде биринши орынды ийеледи.

Университеттиң Ҳаял-қызлар кеңеси жанындағы «Қызларжан» клубының белсенди ағзасы, «Китапқумар қызлар» дөгерегиниң жетекшиси, көплеген таңлаўлардың жеңимпазы, жас шайыр М.Қартбаева таңлаўдың жеңимпазы сыпатында Қазақстан Республикасындағы «Дүние таланттары одағы»на ағзалыққа қабыл етилди.

Мағлыўмат ушын, «Балаларға бериң дүньяны!» сүрени астында өткерилген таңлаўда мыңнан аслам дөретиўшилер қатнасып, соннан поэзия бағдарында 543 талабан өз қосықларын тапсырды. Таңлаўдың мақсети – жас шайыр, жазыўшы, журналист ҳәм художниклерди қоллап-қуўатлаў, шығармаларының баспадан шығыўына жәрдем бериў, оларды усы таңлаў арқалы кең жәмийетшиликке танытыў болып табылады.

Усы жылдың июль айы ақырына шекем жеңимпазларға диплом ҳәм естелик саўғалары, сондай-ақ, жеңимпазлардың шығармалары басып шығарылған китап жыл даўамында тапсырылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги