Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасының әскерий хызметкерлери тәрепинен быйыл 13-июль күни өз жанына қастыянлық етпекши болған пуқара қутқарып қалынды.

Бул ҳаққында Миллий гвардияның Мәлимлеме хызмети хабар берди.

Карантин дәўиринде хызмет ўазыйпасын орынлап атырған әскерий хызметкерлер Нөкис қаласы орайындағы темир жол ҳәм автотранспорт жолы үстинен өтиўши үлкен көпирге өзин асыўға урынып атырған пуқараны көрип қалады. Миллий гвардия хызметкерлериниң оператив ҳәрекети нәтийжесинде инсанның өмири сақлап қалынды. Үйрениў процесинде, бул пуқара Нөкис қаласында жасайтуғын 1977-жыл туўылған Д.И. екенлиги анықланып, шаңарақтағы машқалалар себепли өз жанына қастыянлық етпекши болған екен. Түсиник жумыслары алып барылғаннан кейин, Д.И. профилактикалық сәўбет өткериў ушын Ишки ислер бөлимине алып келинди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы