Шемби ҳәм екшемби күнлери жумысқа велосипедте барғанлар жәриймаға тартылмай ма?

Усы ҳәм басқа да әҳмийетли сораўларға ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бас басқармасының баспасөз хаткери Азизхон Муродов жуўап береди.

– Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына бола быйылғы жылдың 18-19-июль күнлери ҳәм 25-26-июль күнлери (шемби ҳәм екшемби) күнлери пүткил сутка даўамында елимиз көлеминде ҳәрекетлениў, автотранспорт қуралларының, соның ишинде, жөнелиссиз таксилердиң ҳәрекети толық тоқтатылады.

Усы бәнтте нәзерде тутылған шеклеўлер арнаўлы рухсатнама (стикер)лар тийкарында ҳәрекетленетуғын автотранспорт қуралларына ҳәм Республикалық арнаўлы комиссияның 2020-жыл 8-июльдеги 34-санлы мәжилис протоколы менен тастыйықланған Автотранспорт қуралларының ҳәрекетлениўине арнаўлы рухсатнамалар талап етилмейтуғын жағдайларға енгизилмейди.

Усы протоколдың 4-бәнтине тийкарланып мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелер, хожалық бирлеспелери ҳәм басқа да шөлкемлерге 18-19-июль күнлери ҳәм 25-26-июль күнлери хызметкерлерди жумысқа тартпаў, хызметкерлердиң усы күнлерде үйде қалыўы ушын шараят жаратыў усыныс етилетуғыны белгилеп берилген.

6 жасар ақлығым Ташкенттеги Эндокринология орайында қантлы диабет кеселлиги бойынша емленбекте. Диагнозларды тамамлап үйге жуўап берилсе, Ферғанадан барып, алып келиўим ушын қандай ҳүжжетлер керек?

– Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўын алдын алыў бойынша илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша республикалық арнаўлы комиссияның «Автотранспорт қуралларының ҳәрекетлениўине арнаўлы рухсатнамалар талап етилмейтуғын жағдайлар дизими»ниң 3-бәнтине бола, пуқараларға кешиктирип болмайтуғын қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиўге (ҳәмиледарлық, туўыў, дене жарақаты, АИВ/АИЖС, онкологиялық жәрдем, нурланыў терапиясы, гемодиализ жәрдемин көрсетиў, хирургиялық әмелияты зәрүр болғанда, инсан өмирине қәўип туўдыратуғын басқа да жағдайларға) байланыслы жағдайларда медициналық мәкемеге барып атырған ҳәм оннан қайтып атырған жеке автотранспорт қуралларының ҳәрекетине арнаўлы рухсатнамалар талап етилмейди.

Яғный сиз шыпакерлердиң мағлыўматнамасын алыўыңыз ҳәм буннан кейин Ферғана ўәлаятынан келип ақлығынызды Ташкент қаласынан алып кетиўиңиз мүмкин.

Карантин ўақтында жүк машиналарына топырақ, гербиш сыяқлы қурылыс өнимлерин тасыўға рухсат бериле ме?

– Автотранспорт қуралларының ҳәрекетлениўине арнаўлы рухсатнамалар талап етилмейтуғын жағдайлардың дизими»нде N1, N2 ҳәм N3 категорияға киретуғын автотранспорт қураллары ҳәм аўыл хожалығы техникаларының ҳәрекетлениўине рухсат етилген.

Еслетип өтемиз, N1, N2 ҳәм N3 категориядағы транспорт қураллары бул жүк автомобили болып есапланады. Жүк автотранспорт қураллары ушын жол патруль хызмети орынлары, блок ҳәм иркиў постларында өз алдына өтиў жоллары шөлкемлестирилген.

 

ӨзА