Коронавирус кеселлигиниң пуқаралар арасында тарқалыўының алдын алыў ҳәм бул бағдарда халықтың санитариялық-эпидемиолгиялық тынышлығын тәмийинлеў мақсетинде Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын муўапықластырыў бойынша оператив штабының арнаўлы баянламасына тийкарланып 2020-жыл 30-июнь сәнесинен баслап Нөкис қаласы, 4-июль сәнесинен баслап Беруний районы, 8-июль сәнесинен баслап Әмиўдәрья районы қызыл категориядағы аймаққа өзгертилгенлигин ҳәм карантин қағыйдаларына бир қанша шеклеўлер енгизилгенлигин және бир мәрте еслетип өтпекшимиз.

14-июль сәнесине шекем, коронавирус пенен кеселленген наўқаслар менен қатнаста болған 25 304 пуқара карантинге алынды, соннан бүгинги кунге келип 17401 пуқара 14 күнлик медициналық бақлаўдан  шығарылды. Ҳәзирги ўақытта 7903 пуқара медициналық бақлаўда турыпты.

Инфекция тарқалыўының алдын алыў мақсетинде өткерилип атырған илажлар нәтийжесинде, усы күнге шекем қала ҳәм район аймақларында жәмийетлик орынларда нықап тақпай жүрген ҳәм белгиленген карантин талапларын бузған 8811 пуқара анықланып, тийисли шаралар көрилди.

– Тилекке қарсы, еле карантин талапларына бийпәрўа қарап атырған пуқаралар ушыраспақта,-дейди Мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў басқармасы бас қәнигеси Ө.Ерманов. – Мәселен, Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын муўапықластырыў бойынша оператив штабының шөлкемлестириўи менен 14-июль күни Нөкис қаласы аймағында өткерилген рейд илажларында 8 объектте карантин қағыйдаларына байланыслы кемшиликлер, жәмийетлик орынларда 3 пуқараның нықапсыз жүргенлиги анықланды.

Хеш кимге сыр емес, соңғы ўақытлары пуқаралар арасында коранавирус пенен кеселлениў жағдайы көплеп ушыраспақта. Кеселликти емлегеннен, оның алдын алған абзал, деймиз. Бирақ, оған әмел етиўди умытамыз. Сонлықтан, ҳәр бир пуқара биринши гезекте өз саламатлығына итибарлы болып,  ҳәр қандай кеселликтиң тарқалыўының алдын алыўда мәмлекетимиз тәрепинен өткерилип атырған илажларды қоллап-куўатлап белсендилик көрсетсек кеселликти тез ҳәм нәтийжели жеңип шығыўға исенемиз.

Хурметли пуқаралар! Егер Сиз өзиңиздиң денсаўлығыңызда қандай да өзгерислерди сезсеңиз өзбасымшалық пенен емленбей, дәрҳал денсаўлықты сақлаў мәкемелерине хабарласыўыңызды соранамыз.

Жәмийетлик орынларда нықап тағып жүриў, жеке гигиеналық қәделерге әмел етиўде немқурайдылыққа жол қоймай, белгиленген карантин талаплары ҳәм тәртиплерине ҳүрмет пенен қараўды және бир мәрте сорап қаламыз.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги