Бажыхана басқармасы хызметкерлери тәрепинен бажыхана төлемлеринен қашыў мақсетинде товар-материаллық байлықларды жасырын түрде алып кириўге болған бир қатар фактлер анықланды.

Атап айтқанда, «Даўыт ата» шегара бажыхана постында қоңсы елден кирип киятырған пуқара Ж.Ж.ның басқарыўындағы “DAF” маркалы жүк тасыўшы автотранспорт қуралы посттағы инспекциялық тексериў комплекси жәрдеминде тексериўден өткерилгенинде, оған қупыя түрде жасырылған, усынылған ҳүжжетлеринде көрсетилмеген, бажыхана хызметкерлериниң аўызеки сораўында айтылмаған  улыўма баҳасы 75,6 миллион сумлық, 779 дана жеңил автотранспортлардың аўысық бөлеклери бар екенлиги анықланды.

Усы постта пуқара Р.Ж.ның басқарыўындағы және бир “DAF”  маркалы жүк тасыўшы автотранспорт қуралы тийисли тәртипте тексериўден өткерилген.

Нәтийжеде, бажыхана декларациясында көрсетилмеген,  бажыхана хызметкерлериниң аўызеки сораўында айтылмаған, улыўма баҳасы 7,6 миллион сумлық, 153 конвалютада жәми 3825 дана «Конкор» дәрилериниң бар екенлиги анықланды.

Ҳәзирги ўақытта анықланған усы фактлер бойынша сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги