КӘСИПЛИК БАЙРАМ АЛДЫНАН

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен елимизде барлық тараўларда, соның ишинде, қурылыста да түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта. Нәтийжеде республикамыз қала ҳәм районларының, аўылларымыздың архитехтуралық көриниси өзгерип, бүгинги күнде кең көлемдеги қурылыс жумыслары алып барылмақта. Бунда Нөкис қаласындағы «Жайҳун универсал-қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурылысшыларының да мүнәсип үлеси бар.

 

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған реформалар, дөретиўшилик жумыслары, ири жойбарлар менен танысыў мақсетинде 2018-жылдың 15-16-ноябрь күнлери  республикамызға сапары ўақтында елимиздиң ҳәр бир аймағында биреўден жаңа типтеги Президент мектебин шөлкемлестириў, бул жумысты Қарақалпақстаннан, Нөкис қаласынан баслаўды усыныс еткен еди. Елбасшымыздың 2019-жыл 20-февраль күнги «Президент мектеплерин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында өткен жылдың декабрь айында Нөкис қаласында Президент мектеби ашылды. Бул мектеп қурылысы «Жайҳун универсал-қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурылысшылары тәрепинен алып барылды. Заманагөй жойбар тийкарында қурылған оқыў орнында 168  орынға мөлшерленген еки қабатлы оқыў имараты Қытай Халық Республикасы ҳәм Түркия мәмлекетлеринен алып келинген инвентарьлар менен тәмийинленди. Сондай-ақ, жатақхана, барлық қолайлықларға ийе мийманхана, спорт заллары, бассейн, асхана, китапхана оқыўшылардың хызметинде.

 

 

Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында республикамызда тек ғана бир-еки жоқары оқыў орны болған болса, жоқары билимлендириў тараўын раўажландырыўға қаратылып атырған итибар нәтийжесинде олардың саны бүгин тоғызға жетти. Президентимиздиң усы жыл 14-февральдағы «Қарақалпақстан медицина институтын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары Аралбойы регионы ушын медицина тараўында жоқары маман кадрлар таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў, аймақ халқына көрсетилип атырған медициналық хызметтиң сапасын ҳәм көлемин арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе болды.

 

 

 

Инвестициялық бағдарлама тийкарында институт клиникасында 85 миллиард 681 миллион сумлық қурылыс-реконструциялаў жумысларын алып барыў режелестирилип, соннан 2017-2019-жылларда 72,8 миллиард сумлық жумыс көлеми орынланды. Бул жумысқа бир нешше қурылыс шөлкемлери тартылған болып, соннан «Жайҳун универсал қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети оқыў-әмелият корпусы ҳәм мәлимлеме-ресурс орайы имаратларының қурылысын алып бармақта. Бүгинги күнге соңғы пардозлаў жумыслары әмелге асырылып, жақын күнлерде пайдаланыўға тапсырылады.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жаңа оқыў корпусының қурылыс жумыслары да шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.  Келеси жылдың сентябрь айында пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген имараттың қурылысы усы   жәмийет қурылысшылары тәрепинен алып барылмақта.

Буннан тысқары, жәмәәт халқымызды заманагөй турақ жайлар менен тәмийинлеў жумысларында да өзлериниң салмақлы үлеслерин қосып келмекте. Нөкис қаласы Ислам Каримов көшесиндеги 26 квартираға мөлшерленген 5 қабатлы, Т.Қайыпбергенов көшесиндеги 79 квартиралы 4 қабатлы турақ жайды сапалы етип пайдаланыўға тапсырыўдың барлық илажлары көрилмекте.

«Жайҳун универсал қурылыс» жуўапкершилиги шеклденген жәмийетинде бүгинги күнде 130 жумысшы мийнет етпекте.  Ҳәр қандай имаратты ўақтында сапалы етип тапсырыў биринши гезекте қурылыс материалына ҳәм техникаға байланыслы. Бүгинги күни жәмийет үлкен-киши 94 техникаға ийе. «Өзбек-Қытай» саўда үйи менен бирге ислесиў нәтийжесинде ҳәр жылы таза техника сатып алмақта.

 

 

Қурылыс жумысларын шөлкемлестириў, жумысшыларға қолайлы ҳәм қәўипсиз мийнет шараятын жаратып бериў ҳәм оларды социаллық жақтан қорғаўда жәмийет директоры Нуритдин Хушановтың мийнети айрықша. Ол қурылыс тараўындағы көп жыллық жемисли мийнети, ғәрезсизлик жылларында республикамызда әмелге асырылған кең көлемли қурылыс жумысларына қосқан мүнәсип үлеси ҳәм қурылысшылар күни мүнәсибети менен Президентимиздиң пәрманына муўапық «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен қурылысшы» ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.

-Елимиз басшысының, бүгинги гөззал ҳәм абадан турмысымызды, мәмлекетимиздиң келешектеги раўажланыныўын қурылыс тараўынан, сиздей ҳүрметли  кәсип ийелериниң мийнетинен ажыратқан ҳалда көз алдымызға келтире алмаймыз,-деген тәрийпи бизиң ҳәр биримизге күш-жигер бағышлайды,-дейди биз бенен сәўбетлескенде Нуритдин Хушанов. Ҳәзирги пандемия дәўиринде де карантин қағыйдаларын қатаң сақлаған ҳалда жумыс алып барып атырмыз. Мақсетимиз, бизге исенип тапсырылған ҳәр бир объектти белгиленген мүддетинде сапалы етип тапсырыў болып табылады. Буның ушын барлық имканиятлар бар.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.