Шолыў
Коронавирус пандемиясының нешинши толқыны болыўына қарамастан қарамастан, қайта бас көтерип атырғаны ҳәммени тәшўишке салды. Адамларда қәтержамлық жоғалды. Айырым жерлерде пайдасыз, мәмлекетке унамсыз тәсир ететуғын қозғалаңларды келтирип шығарды. Ҳош, енди дүнья қай тәризде раўажланады? Жер жүзинде өмир қандай боладыЎ Адамзатты не күтпекте?
БМШ Бас хаткери Антониу Гуттериш коронавирус пандемиясынан кейин дүнья жүзин күтип атырған еки итимал ҳаққында пикирлерин билдирди. Ол Швецияның Aftonbladet басылымына берген интервьюинде усы ҳаққында айтты. «Биринши, яғный жақсы жағдайда, – дейди Бас хаткер, – мәмлекетлер ҳәзирги жағдайдан шығып кетеди. Раўажланған мәмлекетлер табыслы тиклениў режесин дүзеди, раўажланып атырған мәмлекетлер жәрдем алады».
Гуттериш онда коронавирусқа қарсы вакцина 9 айда табылыўы ҳәм бәршеге бирдей бөлиниўине үмит билдирди. Егер ўақыялардың раўажланыўы усы тәризде болса, экономика тиклениўди баслайды, сонда дүнья жүзи 2-3 жылдан кейин нормал жағдайға келеди.
Егер мәмлекетлер ҳәрекетлерин муўапықластырмаса, бундай жағдайда бизлерди унамсыз өзгерислер күтеди. Вирустың жаңадан тарқалыў орайлары пайда болады, раўажланып атырған мәмлекетлерде жағдай төменлейди. Соның менен бирге, вакцина үстиндеги изертлеўлердиң созылыўы ямаса оны жаратыў ушын бәсеки кескин күшейиўи ҳәм көбирек бай мәмлекетлер ғана сатып алыўы мүмкин. «Егер усындай болса, биз сегрегация (расалық кемситиў үлгиси), популизм (бос сөзлик) ҳәм ксенофобияға гүўа боламыз», – деди Антониу Гуттериш.
Буннан тысқары екинши жағдай жүз бергендей болса, ҳәр бир мәмлекет өз қәлегенинше жасап, дүнья жүзи жәмийетшилиги улыўма машқалаларды шешиў ушын бирден-бир басқарыўға бирлесе алмайды. Ақыбетинде, глобаллық турғынлық жүз береди ҳәм кеминде 5-7 жыл даўам етеди.
Сиясатшы ҳәзир дүнья жүзи қайсы жолда ҳәрекетленип атырғанын айтыў қыйын деген пикирди билдирип, илажы болғанынша ҳәммесин орынлаўға ҳәм жаман жағдайға таярлық көриўге шақырды. Пандемия минез-қулықты өзгертиўи керек, бирақ бир-биринен қашық болыў ҳәмме ушын қәўипли.
Сол себепли БМШ Бас хаткери дүнья жетекшилерин улыўма машқалаларды шешиў ҳәм халықаралық шөлкемлердиң жумысын қоллап-қуўатлаўға шақырды. Бул бийкарға емес.
Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми (ЖДСШ)ниң баслығы Тедрос Гебрейесустың атап өткениндей, дүньяда коронавирустың тарқалыў пәти жеделлести. Буны ҳәр биримиз күнлик мағлыўматлар арқалы билип турмыз. Пандемия еле шегине жетип келмегени анық. Буның дәлийли сыпатында, өткен дем алыс күнлери дүнья жүзинде «COVID-19»ды жуқтырыў бойынша 400 мыңнан аслам жағдай дизимге алынғанын келтириў мүмкин. Вирустың келип шығыўын үйрениў ушын ЖДСШ Қытайға өз миссиясын жөнетип атырғаны илимпазлар пандемияны тезирек сапластырыўға урынып атырғанынан дәрек береди. Миссияның ўазыйпасы коронавирустың келип шығыў дәрегин анықлаў болып есапланады. Қалаберди, вирустың ҳайўаннан келип шығыўын түсиниў бағдарында алға илгерилеў ҳәм ол ҳайўаннан адамға қалай өткенин анықлаўдан ибарат болады.
ЖДСШның денсаўлықты сақлаў тараўындағы айрықша жағдайлар бағдарламасының директоры Майкл Райанниң айтыўынша, вирустың келип шығыўын анықлаў детективке уқсайды. «Ҳайўанлар ҳәм адамлар арасындағы шегара қашан өтилгенин анық билмеймиз. Қытайға жол алып атырған илимпазлар себеп неде екенин анықламақшы. Ең тийкарғысы, вирустың адамға өтиў шынжырында ҳәм жабайы, ҳәм аўыл хожалығы ямаса базардағы ҳайўанлар қатнасқан болыўы мүмкин екенлигин атап өткен.
Хабарыңыз бар, АҚШ Президенти Дональд Трамп конгресске мәмлекеттиң ЖДСШдан шығып кетиўи ҳаққында рәсмий хабарнама жөнеткен еди. Трамп алдын Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкемин Қытайға жетерли дәрежеде илаж көрмегенликте айыплап шыққан еди. Кейин ала ЖДСШға буннан кейин шөлкемди финанслық қоллап-қуўатлаўды тоқтатып турыў менен қорқытқан еди. Трамп өз қарарын ЖДСШ Вашингтон талап еткен реформаларды өткериўден бас тартқаны менен түсиндирди. АҚШ шөлкемге мөлшерленген 450 миллион долларды енди пүткил дүнья жүзи бойлап денсаўлықты сақлаўға байланыслы талапларға бағдарлайды. Бирақ ашаршылық босағасында қалып атырған адамларды ким қутқарады?
Тилекке қарсы, коронавирус пандемиясы себепли дүнья жүзинде ашаршылықтан жәбир шегип атырғанлар бир миллиардқа жетиўи мүмкин, деп ескертпекте Германиядағы қайырқомлық шөлкеми. Атап айтқанда, Африка мәмлекетлери ҳәм қубла ярым шардағы басқа мәмлекетлерде «COVID-19»ға шалынғанлардың саны артпақта, көпшилик жумыс орнын жоғалтты, экономика күшли жәбир көрмекте, өнимлердиң баҳасы артып атыр, денсаўлықты сақлаў системалары кеселлерге шыдам бере алмай атыр, деп хабар береди Германиядағы «Welthungerhilfe» қайырқомлық шөлкеми.
Атап өтилиўинше, коронавирус қурғақшылық, климаттың өзгериўи, қураллы келиспеўшиликлер ҳәм денсаўлықты сақлаў системасындағы машқалаларды және де тереңлестирмекте. Соның менен бирге, дүнья жүзинде ашаршылықтан жәбир көрип атырғанлар жақын айлар ишинде көбейиўи мүмкин. Шөлкемниң мағлыўматына қарағанда, ҳәзир дүнья жүзи бойынша 821,6 миллион адам ашаршылықтан қыйналып атыр, бул жер жүзи халқының 11 проценти дегени, 47 мәмлекетте болса аўқатланыўға байланыслы жағдай аўыр, оғада аўыр ҳәм кризисли деп баҳаланбақта.
Дүнья жүзиндеги жағдайды көрип турмыз. Коронавирус пандемиясының кеңнен тарқалып атырғаны Өзбекстанға да жат емес. Экономикамыз аўыр жағдайға түсип қалыўын қәлемесек, карантин илажларына бирдей әмел етиўимиз, бийкарға жүрмеўимиз, берилип атырған усынысларға әмел етиўимиз шәрт.
Абдували СОЙИБНАЗАРОВ,
сиясий шолыўшы.
ӨзА