Мүнәсибет

Қанлыкөл районы «Арзымбетқум» АПЖ турғыны Қалбазар Жалаловаға материаллық жәрдем бериў ҳәм турақ жайында оңлаў жумысларын алып барыў бойынша пуқара Муратбай Аралбаев тәрепинен социаллық тармақ арқалы жәрияланған видеокөриниске Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң мәлимлеме хызмети төмендегише мүнәсибет билдиреди:

Қалбазар Жалалова 1945-жылы туўылған, ҳәзирги ўақытта кекселиги бойынша напақада. Қызы Бахыт Жалалова 1969-жылы туўылған. Анасының бағыўшысы. Кем тәмийинленген шаңарақлар дизиминде турады. Бүгинги күнде оның турақ жайында жәмийетшилик тийкарында оңлаў (төбеси, ишки ҳәм сыртқы тәреплерин сыбаў) жумыслары алып барылмақта.

Бәршеңизге жақсы белгили мәмлекетимизде коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў ҳәм карантин дәўиринде халықтың жәрдемге мүтәж қатламын қоллап-қуўатлап, оларды азық-аўқат, дәри-дәрмақ ҳәм басқа да зәрүр өнимлер менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

Усы мақсетте Қалбазар Жалаловаға оның кекселиги бойынша напақада екенлиги ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлар дизиминде туратуғынлығы есапқа алынып, фермер Сатулла Абдуллаев тәрепинен ҳәм «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик фонды есабынан азық-аўқат өнимлери жеткерип берилди.

Хабарыңыз бар «Гранд Фарм Трейд» ЖШЖ тәрепинен социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж пуқараларға материаллық жәрдем бериў мақсетинде 2 мың шаңараққа пластик карта арқалы 1 миллион сумнан жәми 2 млрд сум өткерип берилди. Бул дизимде Қанлыкөл районынан киргизилген 90 ҳаял-қыздың ишинде Қалбазар Жалалованың да бар екенлигин айтып өтпекшимиз. Демек, оған бир миллион сум муғдарында еки мәрте, жәми еки миллион сум пластик картасына өткерип берилген ҳалда әмелий жәрдем көрсетилди.

Буннан тысқары байрам сәнелеринде аўыл пуқаралар жыйыны хызметкерлери тәрепинен Қ.Жалалованың ҳалынан хабар алынып, үй әтирапларын жабайы от-шөплерден тазалаў, абаданластырыў сыяқлы жумыслар әмелге асырылды.

Видеокөринисте сыбаў жумыслары тоқтап қалғанлығы айтып өтилген. Буған себеп, өткен айдағы жәмийетшилик тийкарында ислейтуғын жумысшылардың жумыс ислеў айы жуўмақланып, июль айында ислейтуғын жумысшылар менен алмасыў процеси болған. Ал ҳәзирги ўақытта турақ жайды сыбаў жумыслары және даўам етпекте. Соның менен бирге турақ жайдың төбесин шиферлаў баслап жиберилди.

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң мәлимлеме хызмети.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.