13-июль, дүйшемби күнинен баслап жергиликли жөнелислердеги поездлар ҳәм авиарейслер тоқтатылады.

 

Бул ҳаққында бүгин Ташкент қаласындағы МҒКА жанындағы штабта болып өткен брифингде ӨзР Транспорт министрлиги мәлимлеме хызметиниң баслығы Наврўз Ашурматов хабар берди.  

 

Күшейтилген карантин тәртиби шараятында тек ғана Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен тастыйықланған рейслер кестесине муўапық, сырт еллердеги пуқараларды ўатанға алып келиў бойынша репатриациялық рейслер шөлкемлестириледи.

 

Шегара пунктлеринен пуқараларды карантин аймақларына жеткериў ушын автобус тасыўлары әмелге асырылады.

 

Сондай-ақ, карантин мүддетин атқарып болған пуқараларды реабилитация ушын емлеўханаларға ҳәм жасаў мәнзиллерине жеткериўде темир жол ҳәм автобуслардан пайдаланылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.