Буның ушын Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен жаратылған qabul.dtm.uz сайтына кирип, жоқары оқыў орны ҳәм билимлендириў тилин сайлаў керек болады.

 

Бунда сайлаған жоқары оқыў орнындағы бағдарлар бойынша төмендеги мағлыўматлар пайда болады:

 

– қабыллаў жобасы (мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт тийкарында);

– абитуриентлер саны;

– таңлаў көрсеткиши.

 

Усы мағлыўматлар ҳәр бир билимлендириў түри бойынша өз алдына көрсетиледи.

 

Мағлыўматлар ҳәр саатта жаңаланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.