2020-жыл 10-июльден 2020-жыл 1-августқа шекем республикалық көлеминде карантин шеклеўлери қайтадан күшейтилмекте.
Мәселелер:
- 2020-жылдың 10-июлине келип, Өзбекстанның денсаўлықты сақлаў системасы үлкен басымға дус келди. Денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң қуўатлылығы жаңа COVID-19 ға шалынған наўқасларды қабыллаў ушын жетерли емес.
- Ҳәзирги жағдайда Өзбекстан денсаўлықты сақлаў системасы ушын COVID-19 бенен аўырғанлардың санын қысқартыў ҳәм кеселлениў шынжырын ҳеш болмағанда бир айға үзиў ҳәм системаны қайта тиклеў турмыслық зәрүрлик болып есапланады.
- Қатаң карантин илажларын қолланбаў – коронавирусқа шалынғанларды стационар емлеў ушын емлеўханаларда орын қалмаўына ҳәм олар менен ислесиў ушын шыпакер ҳәм медицина хызметкерлериниң жетиспеўшилигине алып келеди.
- Басқа кеселликлерден жүз беретуғын итималлы өлим жағдайларын есаплаўдың имканияты болмайды, себеби барлық медицина хызметкерлери ҳәм жатақ орынлары COVID-19 наўқаслары менен бәнт болады.
- COVID-19 бенен кеселленген шыпакерлердиң саны көбеймекте. Көпшилик карантинде болғаны себепли хызметкерлердиң жетиспеўшилиги жүзеге келген. Шыпакерлер ҳәм медицина хызметкерлерине болған психологиялық басым ең жоқары шыңына жетти.
- Рәсмий статистика тек ғана анықланған кеселлениў жағдайларын атап өтпекте. Ҳақыйқый жағдай басқа мәмлекетлер сыяқлы бир неше есеге парықланыўы мүмкин. Себеби барлық наўқаслар да медициналық жәрдемге мүрәжат етпей атыр, симптомсыз наўқасларды болса есапқа алыўдың имканияты жоқ.
Шешим:
- Медицина мәкемелериниң жумысын жеңиллетиў ушын наўқасларды үйде емлеў ҳәм карантинди үйде өткериў бойынша протокол қабыл етилди.
- Карантин орайына көбирек пуқараларды қабыллаў ҳәм олардың карантинде болыў мүддетин азайтыў имканиятын беретуғын жаңа қысқа мүддетли карантинде сақлаў протоколы қабыл етилди.
- 20 күнлик тәнепис – денсаўлықты сақлаў мәкемелери, шыпакерлер ҳәм медицина хызметкерлерине болған басымды жумсартыў ҳәм август айында мәмлекеттиң экономикасын тиклеўде даўам етиў ушын зәрүр.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Жәмийетшилик пенен байланыслар бөлими.
ӨзА