Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытайдың қубла ҳәм шығыс провинцияларында жүз берген күшли суў тасқынларының ақыбетинде көплеген адамлардың қайтыс болғаны ҳәм бүлгиншиликлердиң жүзеге келгени мүнәсибети менен Қытай Халық Республикасының Баслығы Си Цзиньпинге кеўил айтыў хатын жоллады.

Мәмлекетимиз басшысы қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзаларына терең кеўил билдирип, жарақат алғанларға денсаўлық тиледи.

 

ӨзА