«Өзгидромет»тиң хабар бериўинше, ертең Өзбекстан аймағына Түркменстаннан ҳаўа ағымы кирип келеди. Ҳаўа райының қурғақ ҳәм ыссы болыўы күтиледи. Температура көтерилип, климатлық нормаларға жетеди, түнде 17-22 градус, күндизги ўақытлары 34-39 градус, шөл зонасында 40 градусқа шекем жетеди.

 

Бундай температура усы ҳәптениң ақырына шекем сақланып турады.

 

6-7-июльда самалдың тезлиги секундына 15-20 метрге шекем күшейиўи мүмкин.

 

Мағлыўмат ушын, ертең – 7-июль күни Қарақалпақстанда ҳаўа бираз бултлы болып, айрым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын болыўы күтилмейди.

Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айрым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Температура түнде 18-23 градус, күндиз 34-39 градус ыссы болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.