Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Жәмийетшилик пенен ислесиў бөлиминиң усы жыл 6-июль күнги мағлыўматларына қарағанда,  коронавирус пенен наўқасланған адамлардың улыўма саны 162 ге жетти. Соннан 152 наўқас кеселликтен толық емленип реабилитацияға шығарылды, ҳәзир 10 наўқас емленбекте.

Емленип атырған пуқаралардың саламатлығы жақсы, коронавирус инфекциясы асқыныўы менен өткен аўыр жағдайдағы наўқаслар жоқ.

Бүгинги күнге шекем республикамыз аймағында 18431 пуқара 14 күнлик медициналық бақлаўға алынған еди. Олардан 15937 пуқара кеселликтиң клиникалық белгилери жүзеге келмегенлиги, кеселлик анықланбағанлығы себепли 14 күнлик медициналық бақлаў астынан шығарылды.

Усы күнге шекем 35379 пуқара коронавирусқа тексерилип, соннан 162 пуқарада коронавирус инфекциясы тастыйықланды. Кеселликке гүманлы наўқас анықланған жағдайда қыстаўлы үйрениў, шеклеў ҳәм дезинфекциялаў жумыслары даўам етпекте.

Мәмлекетимизге сырт еллерден кирип киятырған халықаралық ири жүк автотранспорт айдаўшыларында коронавирус инфекциясына тексериў жолға қойылған. Усы күнге шекем “Даўыт ата” постынан улыўма 5972 пуқара лабораториялық усылда тексерилген.

Карантин талапларын бузғанлығы ушын 14690 пуқараға ҳәкимшилик шара көрилген болса, 2 пуқараға жынайый ис қозғалған, бирақ соған қарамастан айырым пуқараларымыз бул жағдайларға итибарсызлық пенен қарамақта ҳәм карантин қағыйдаларын бузыўды даўам етпекте. Бул болса пуқаралардың өзлериниң ҳәм шаңарақ ағзаларының, жақынларының, әтираптағы басқа барлық пуқаралардың өмирине қәўип туўдырмақта.

Егер Сиз денсаўлығыңызда өзгерис сезип, кеселлик белгилери пайда болған болса ўақытты өткерместен, тезлик пенен 103 тез жәрдем телефон номери арқалы шыпакерге мүрәжат етиўиңиз керек.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги