30-июнь – «Жаслар күни»

Қарақалпақстан медицина институтының басламасы менен 30-июнь – Жаслар күни мүнәсибети менен «Ғалабалық мәденияттың унамсыз ақыбетлери, интернет арқалы тарқатылып атырған қәўип-қәтерлерден хабардар етиў, оларға қарсы «Идеологиялық иммунитет»ти беккемлеў» темасында ҳәм «Өз балаңды, өз үйиңди, өз Ўатаныңды көз қарашығындай сақла!» сүрени астында онлайн сәўбет өткерилди.

ZOOM бағдарламасы арқалы онлайн түрде өткерилген илажды Қарақалпақстан медицина институтының жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Қ.Дошмуратов алып барды.

Илажда бүгинги күнде «ғалабалық мәденият»тың унамсыз ақыбетлери ҳәм социаллық тармақлар арқалы тарқатылып атырған ҳәр қыйлы видео ҳәм аудиоматериаллардың жасларымызға кери тәсири, оның алдын алыў жоллары ҳаққында сөз болды.

Атап өтилгениндей, жаслар мәмлекетимиз тәрепинен берилип атырған имканиятлардан нәтийжели пайдаланған ҳалда, жәҳән көлеминдеги спорт, илим-билимлендириў, мәденият тараўларында өткерилген халықаралық таңлаўларда жетискенликлерди қолға киргизип келмекте. Олардың жетискенликлерин халқымыз мақтаныш етеди. Соның менен бирге, жаслар арасында «ғалабалық мәденият»тың тәсиринде ҳәр қыйлы унамсыз жағдайлар, жынаятшылықлар ҳәм ҳуқықбузарлықлар артып бармақта.

Заманагөй техника ҳәм технологиялардың раўажланыўы себепли «ғалабалық мәденият» та кең тарқалмақта. «Ғалабалық мәденият»тың бузғыншылық ҳәм зорлық, индивидуализм сыяқлы идеяларын тарқатыў, соның есабынан байлық арттырыў, басқа халықлардың неше мың жыллық қәдирият ҳәм дәстүрлерин, турмыс тәризиниң руўхый негизин менсинбеўшилик, олардан ўаз кешиўге болған шақырықлар адамды тәшўишке салмай қоймайды. Ҳақыйқаттан узақ болған, тек жаўыз сиясий мәплерди гөзлейтуғын бундай көзқараслар ҳеш кимге пайда келтирмейтуғынлығын, абырайына абырай қоспайтуғынлығын жасларға түсиндириў, оларда идеологиялық иммунитетти қәлиплестириў бүгинги күнниң талабы болып табылады.

Онлайн сәўбет даўамында барлық қатнасыўшылар өз тәжирийбесинде анықлаған машқалаларды турмыслық мысаллар менен түсиндирип, жаслар тәрбиясында немқурайдылыққа жол қоймаў, интернет тармағы арқалы келетуғын қәўип-қәтерлердиң алдын алыў бойынша пикирлести. Қатнасыўшылар профессор-оқытыўшылардан, қәнигелерден қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги