30-июнь – Жаслар күнине байланыслы Шоманай районы ҳәкими ҳәм сектор басшылары жаслар менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда район ҳәкими Б.Янгибаев жасларды қутлықлап, «Жаслар айлығы» даўамында район көлеминде өткерилген онлайн таңлаўлар ҳәм жойбарларға белсене қатнасып жеңимпаз болған бир қатар жасларға сыйлықлар тапсырды. Олар Жаслар аўқамының районлық Кеңеси тәрепинен де ҳүрмет жарлықлары, баҳалы саўғалары менен сыйлықланды. Өз гезегинде жаслардың карантин дәўириндеги бос ўақытларын мазмунлы өткериў, олардың қәбилетин жүзеге шығарыў, китапқумарлыққа болған қызығыўшылығын арттырыўға қосып атырған үлкен үлеси ҳәм «Жаслар айлығы»н жоқары дәрежеде өткергени ушын Жаслар аўқамының Шоманай районлық Кеңесине район ҳәкиминиң ҳүрмет жарлығы, қымбат баҳалы саўғасы тапсырылды.

– Президентимиздиң бес әҳмийетли басламасына тийкарланып өткерилген онлайн таңлаўларға районымыздан ҳәм қоңсылас районлардан жәми 1200 ден аслам жаслар қамтып алынды,-дейди Жаслар аўқамының Шоманай районлық Кеңеси баслығы М.Нарбаев. – Жеңимпаз болған жаслар арасында Хожели ҳәм Қанлыкөл районынан да жаслардың бар екенлиги бизди қуўандырды. Бундай илажларда районымыз жасларының да белсендигили артпақта.

Карантин дәўиринде жаслар арасында онлайн илажларды еле де көплеп өткериў режелестирилген.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги