Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда, район (қала)лық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимлери жанындағы жумысшы топарлар тәрепинен жоқары оқыў орынларына ажыратылған қосымша мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде жоқары мағлыўмат алыўды қәлеген ҳаял-қызлардың таңлаўда қатнасыўы ушын ҳүжжетлер қабыл етилмекте.

Ҳаял-қызлар тәрепинен келип түскен мүрәжатлар бойынша 2020-жылдың 26-июнь күнинен республика штабына күнлик мағлыўмат берип барыў жолға қойылған. Бүгинги күнде мүрәжат еткен ҳаял-қызлардың саны 518 ге жетти. Соннан 325 пуқараның ҳүжжетлери тийисли тәртип-қағыйдаларға сәйкес болғаны ушын қабыл етилген. 158 пуқараға түсиник жумыслары алып барылған, 29 ҳаял-қыздың ҳүжжетлери көрсетилген тийисли тәртип-қағыйдаларға сәйкес келмегенлиги ушын бийкар етилген.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги