30-ИЮНЬ-ЖАСЛАР КҮНИ

Төрткүл районы «Төрткүл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Муниса Эгамбердиева Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги O’zLiDeP фракциясының ағзасы Джурабек Бекчановтың жәрдеминде жеңилликли кредит алыўға миясар болды.

Елимизде соңғы жыллары келешегимиз болған жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды  саламат ҳәм бәркамал инсанлар етип тәрбиялаў мақсетинде көплеген пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, оларға кең имканиятлар жаратылмақта.

Муниса өзиниң исбилерменлик жумысын баслаў алдынан қаржыдан қатты қыйналды. Нәтийжеде усы аймақтан сайланған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты  Джурабек Бекчановқа банктен кредит алыўда жәрдем сорап мурәжат етти.

Депутат жас исбилерменниң мақсети ҳәм келешектеги режелери менен жақыннан танысты. Халық ўәкили мүрәжат бойынша акционерлик-коммерциялық «Агробанк»тиң районлық филиалынан «Ҳәр бир шаңарақ-исбилермен» Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында 20 миллион сум муғдарында кредит алыўда әмелий жәрдем көрсетти.

-Бул «Жаслар күни» алдынан ҳақыйқый байрам саўғасы болды,-дейди жас исбилермен Муниса Эгамбердиева.-Мүрәжатым унамлы шешимин тапқаны ушын депутатқа өз миннетдаршылығымды билдиремен. Келешектеги мақсетим, қусшылықты раўажландырыў арқалы районымыз жасларының бәнтлигин тәмийинлеўге өз үлесимди қосыў болып табылады. Заманласларыма айтарым, ҳәзирги карантин ўақтында бос отырмай, өзиңди-өзиң бәнт етип, исбилерменлик пенен шуғылланың деймен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги