Ҳайўанлар кеселликлериниң диагностикасы ҳәм азық-аўқат өнимлери қәўипсизлиги мәмлекетлик орайлары, дийқан базарларда шөлкемлестирилген «Ветеринариялық-санитариялық экспертиза» лабораториялары, сондай-ақ, район орайларындағы «Серология», «Бактериология» лабораторияларында аўыл хожалығы өнимлери, гөш, сүт ҳәм сүт өнимлери, мәйеклер лабораториялық тексериўлерден өткерилип, сапа көрсеткишлери ҳәм тутыныў ушын жарамлылығын анықлаў илажлары алып барылмақта.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 12-июльдағы 575-санлы қарары менен тастыйықланған режеге муўапық, Агросанааат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының Норматив-ҳүжжетлер орынланыўын қадағалаў, сертификатлаў ҳәм метрология бөлими тәрепинен реже бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ҳайўанлар кеселликлериниң диагностикасы ҳәм азық-аўқат өнимлери қәўипсизлиги мәмлекетлик орайы ҳәм оның район (қала)лық системаларындағы лабораторияларында тексериў илажлары өткерилди.

– Бүгинги пандемия дәўиринде тутыныўға шығарылып атырған аўыл хожалығы өнимлериниң сапа көрсеткишлериниң жақсы болыўы үлкен әҳмийетке ийе,-дейди Инспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы системасында Нормативлик-ҳүжжетлер орынланыўын қадағалаў, сертификатлаў ҳәм метрология бөлими бас инспекторы А.Қозиев. –  Өткерилген тексериўлер даўамында орай системасындағы лабораториялардың жумысларынан бир қатар кемшиликлер ҳәм нызамбузыўшылық жағдайлары анықланды. Тексериўлердиң нәтийжеси бойынша бир неше лаўазымлы хызметкерлер ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды ҳәм интизамий шара көрилди.

Инспекция системасында бундай қадағалаў илажларының әмелге асырылыўы халқымыз тутыныўы ушын сапалы өнимлердиң сатылыўын тәмийинлеў менен бирге, өнимниң сапасына жуўапкер болған субъектлер тәрепинен нызамбузыўшылық жағдайларына жол қойылмаўы ушын тиккелей хызмет етеди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги