Соңғы жыллары елимизде санитариялық-эпидемиологиялық тынышлықты сақлаў, жасаў орталығының қәўипсизлигин ҳәм инсан саламатлығын қорғаўды тәмийинлеў, санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў хызмети системасын жетилистириў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылды. Бул бағдарда Өзбекстан Республикаси Президентиниң 2019-жыл 9-сентябрьдеги «Өзбекстан Республикасында санитариялық-эпидемиологиялық хызмет системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы айрықша әҳмийетке ийе болды. Усы пәрман тийкарында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў мәмлекетлик инспекциясы ҳәм оның аймақлық бөлимлери,  Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги шөлкемлестирилип, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў бас басқармасы сапластырылып, оның штат бирликлери Агентликке өткерилди.Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 2019-жыл 13-сентябрьдеги буйрығының 5 бәнти бойынша үш күнлик мүддет ишинде агентликтиң орайлық аппараты ҳәм оның аймақлық структуралары шөлкемлестирилиўине байланыслы мийнет шәртнамасы бийкар етилетуғын хызметкерлерге компенсация төлемлери төлеми әмелге асырылыўы ҳәм жумыстан босатыў напақаларының берилиўи белгиленген.

Нөкис қалалық Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайының хызметкери, бес баланың анасы Карима Пирназарова «штатың қысқарды» деген бәне менен жумыстан босатылған. Дурыс орай басшылығы тәрепинен кәсиплик аўқам менен келисилген ҳалда ескертиў берилген. Деген менен, орайдың санитария-гигиена лабораториясының азық-аўқат тексериў бөлиминде шыпакер-лаборант болып жигирма жылдан аслам ўақыт мийнет еткен қәнигениң жумыстан босаўы  кимге болса да аңсат емес. Оның үстине бес перзенти бар. Ҳәзирги карантин дәўиринде шаңарақты бағыў аңсат емес.

-Мен ушын бул күтилмеген соққы болды,-дейди Карима Пирназарова.-Енди шаңарақ ағзаларымды қалай бағаман, деген ой ҳеш тынышлық бермес еди. Үлкен қызым Россияда студент. Сырт еллерге жумыс ислеўге кетсем бе,-деген ой да болды. Усындай да жасы үлкен апаларымның баҳалы мәсләҳәтлери қол келди. Балаларыңды таслап кетпе, олардың ертеңги тәрбиясы қалай болады. Оннан да өз ҳуқықыңды қорғап, судқа мүрәжат ет. Жағдайларыңды есапқа алады,-деп қоллап қуўатлады.

Айырымлар болса, пайдасы жоқ, Суд жумысқа тиклей алмайды. Сиздей жумыстан босап атырғанлар қанша,- деп, оянып киятырған үмитимди пушқа шығарды.

Неде болса, Нөкис қалалық санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайына қайта жумысқа тиклеў, мәжбүрий бос жүрген күнлериме мийнет ҳақы ҳәм руўхый зыянды өндирип бериўди сорап Нөкис районлар аралық судына даўа арза менен мүрәжат еттим. Бул даўа арзам көрип шығылып, Нөкис районлар аралық судының усы жыл  26-февраль күнги бийлиги менен қанаатландырарсыз қалдырылды.

«Шешинген суўдан тайынбас»,-дегениндей, Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислер бойынша судына аппеляциялық шағым арза менен мүрәжат еттим. Бул ис усы жылдың 7-май күни Пуқаралық ислер бойынша Қарақалпақстан Республикасы судының аппеляциялық судлаў коллегиясына басшылық етиўши С.Қайыпназарова, коллегия ағзалары З.Бабажанова ҳәм А.Аяповлардың қурамында көрип шығылды.

Коллегия ис бойынша баянатты, тәреплердиң түсиндирмелерин, прокурордың биринши инстанция судының бийлигин бийкар етип, даўаны қанаатландырыў ҳаққында жаңа шешим қабыл етиў бойынша пикирин тыңлады. Өзбекстан Республикасы Мийнет Кодексиниң 103-статьясы 1-бөлиминде технологиядағы, өндирис ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдеги өзгерислер, хызметкерлердиң саны (штаты) яки жумыс характериниң өзгериўине  алып келген ислер көлеминиң қысқарыўына байланыслы мийнет шәртнамасы бийкар етилгенде, жумыста қалдырыў ушын жеңилликли ҳуқық маманлығы ҳәм мийнет өнимдарлығы жоқарырақ болған хызметкерге берилетуғынлығы белгилеп қойылған.

Аппеляциялық шағымда келтирилген ўәжлерди истеги ҳүжжетлер менен бирге үйренип ҳәм додалап, биринши инстанция судының бийлигин бийкар етиўди, солай етип, аппеляциялық шағымды қанаатландырыўды лазым тапты. Солай етип, талапкердиң Нөкис қалалық санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайына  жумысқа тиклеў, мәжбүрий бос жүрген күнлерине мийнет ҳақы ҳәм руўхый зыянды өндириў ҳаққындағы даўасының бир бөлеги қанаатландырылды. Оның пайдасына  12 миллион 388 мың 336 сум мийнет ҳақысы ҳәм 3 миллион сум руўхый зыян өндирип берилди.

-Ҳақыйқатлық ийиледи, бирақ сынбайды,-дейди дана халқымыз, -дейди Карима Пирназарова.-Мениң көп жыллық мийнетимди есапқа алып, жумысқа тиклеп берген Пуқаралық ислер бойынша судына миннетдаршылық билдиремен. Олардың ҳақыйқатлықты тиклегенлиги нәтийжесинде, ҳәзир өзимниң сүйикли кәсибимде жумысымды даўам еттирип атырман.

Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислер бойынша суды басшыларының атап өткениндей, быйылғы жылдың биринши шерегинде жумысқа тиклеў ҳаққында 101 пуқаралық ис көрип шығылған. Соннан 44 даўа арза қанаатландырылып, жумысқа тикленген.

 

А.КЕРИМБАЕВ,

 Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислер

бойынша судының судьясы.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.