2020-2021-оқыў жылында республикалық жоқары оқыў орынлары бакалавриатының күндизги  билимлендириў түри бойынша мәмлекетлик буйыртпасы тийкарында оқыўға қабыллаў параметрлеринен мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде халық билимлендириў тараўында жоқары мағлыўматлы кадрларға талап жоқары болған аймақлар ушын мақсетли қабыллаў параметрлери тастыйықланды.

 

Усы тийкарда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының бир қатар күндизги бакалавриат бағдарларының қарақалпақ топарлары ушын мақсетли тийкарда улыўма 62 грант орынлары ажыратылды.

 

Бул орынлар халық билимлендириў тараўында жоқары мағлыўматлы кадрларға талап жоқары болған Мойнақ, Тахтакөпир, Төрткүл ҳәм Елликқала районларында жасайтуғын абитуриентлер ушын ажыратылған.

 

Солай етип, быйылғы жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының төмендеги бағдарлары ушын мақсетли қабыллаўлар әмелге асырылады:

 

5110100 – Математика ҳәм информатика. Улыўма 18 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

 

Төрткүл районы ушын – 5 орын;

Тахтакөпир районы ушын – 2 орын;

Мойнақ районы ушын – 5 орын;

Елликқала районы ушын – 6 орын.

 

5110200 – Физика ҳәм астрономия. Улыўма 5 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

 

Тахтакөпир районы ушын – 1 орын;

Мойнақ районы ушын – 3 орын;

Елликқала районы ушын – 1 орын.

 

5110300 – Химия. Улыўма 6 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

 

Тахтакөпир районы ушын – 2 орын;

Мойнақ районы ушын – 1 орын;

Елликқала районы ушын – 3 орын.

 

5110400 – Биология. Улыўма 6 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

 

Тахтакөпир районы ушын – 2 орын;

Мойнақ районы ушын – 2 орын;

Елликқала районы ушын – 2 орын.

 

5110600 – Тарийх. Улыўма 3 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

 

Төрткүл районы ушын – 1 орын;

Елликқала районы ушын – 2 орын.

 

5110500 – География ҳәм экономикалық билим тийкарлары. Улыўма 2 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

 

Төрткүл районы ушын – 1 орын;

Елликқала районы ушын – 1 орын.

 

5111600 – Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими. Улыўма 2 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

 

Мойнақ районы ушын – 1 орын;

Елликқала районы ушын – 1 орын.

 

5111301 – Ана тили ҳәм әдебияты: рус тили ҳәм әдебияты. Улыўма 3 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

 

Елликқала районы ушын – 3 орын.

 

5111302 – Ана тили ҳәм әдебияты: қарақалпақ тили ҳәм әдебияты. Улыўма 4 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

 

Төрткүл районы ушын – 1 орын;

Тахтакөпир районы ушын – 2 орын;

Мойнақ районы ушын – 1 орын.

 

5111400 – Шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили. Улыўма 11 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

 

Төрткүл районы ушын – 3 орын;

Тахтакөпир районы ушын – 2 орын;

Мойнақ районы ушын – 2 орын;

Елликқала районы ушын – 4 орын.

 

5110900 – Педагогика ҳәм психология. Улыўма 2 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

 

Тахтакөпир районы ушын – 1 орын;

Елликқала районы ушын – 1 орын.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.