Коронавирус пандемиясы қәўип салып турған ҳәзиргидей ўақытта, сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларына және де қолайлылық ҳәм жеңилликлер жаратыў мақсетинде, исбилерменлик субъекти ҳәм бажыхана уйымлары арасындағы аралықтан ҳүжжет алмасыў системасын еле де жетилистириў нәтийжесинде Мәмлекетлик бажыхана комитети тәрепинен «Сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшысының жеке кабинети» мәлимлеме платформасы ислеп шығылды.

Бул платформа cabinet.customs.uz электрон мәнзили арқалы тест режиминде иске түсирилди.

Жеке кабинет:

  • СЭЖ қатнасыўшыларына бажыхана шегарасы арқалы алып өтилетуғын товарларды барлық бажыхана режимлерине рәсмийлестириў менен байланыслы мағлыўматларды реал ўақыт режиминде алыў имканиятын жаратады;
  • СЭЖ қатнасыўшыларының бажыхана уйымлары хызметкерлери менен тиккелей байланысын азайтады;
  • Аралықтан өзине тийисли мағлыўматларды электрон тәризде алыў ҳәм бажыхана уйымларына усыныс етиў мүмкиншилигин береди.

– Бул бағдарда алып барылып атырған жумыслар «Санлы бажыхана»ға өтиў ушын көпир ўазыйпасын атқарады, десек қәтелеспеген боламыз,-дейди  басқарма қәнигеси Ю.Қудиярова. – Өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде жумыс ислейтуғын бул бет арқалы СЭЖ қатнасыўшылары өзиниң жеке кабинетлерине кирип мағлыўматлар алыўы мүмкин. Сондай-ақ, «Электрон хызметлер» рубрикасы астында товарларды электрон декларациялаў, автомобиль ҳәм темир жол транспортлары ушын алдыннан электрон мағлыўматларды усыныў, бажыхана төлемлерин төлеў бойынша электрон мүрәжат жибериў, бажыхана қағыйда бузыў жағдайлары, сондай-ақ, бажыхана жүк декларацияларының бажыхана рәсмийлестирилиўи процесиндеги жағдайы ҳаққында мағлыўматларды алыў ҳәм усы сыяқлы бир қатар әмелиятларды орынлаў мүмкиншилиги жаратылған.

Жеке кабинеттен басқа хызметлердиң барлығынан пайдаланыўда электрон имзаның болыўы талап етилмейди.

Әмелиятқа енгизилип атырған усы сыяқлы электрон платформалар бажыхана уйымлары жумысларының ашық-айдынлығын тәмийинлеўге, исбилерменлик субъектлери тәрепинен ўақыт ҳәм қәрежеттиң үнемлениўи есесине елимиздиң сыртқы экономикалық байланыс жумысларының раўажланыўына хызмет етеди.

 

Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги