Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигинде 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен илаж болып өтти.

Онда Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген журналист К.Реймов, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов жыйналғанларды кәсиплик байрамы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, күнделиклик турмысымыздың ажыралмас бөлеги болған ғалаба хабар қураллары ҳаққында сөз еткенде, бәрқулла жаңалыққа умтылып жасайтуғын, әдиллик ҳәм ҳақыйқатлық жанкүйерлери, жәмийеттеги ҳәр қандай мәселе ҳәм машқалаларды алып шығатуғын дөретиўши инсанлар көз алдымызда сәўлеленеди. Бүгинги пандемия дәўиринде билимлендириў тараўында жүзеге келген машқалаларды сапластырыўда, жас әўладты кәмил инсан етип тәрбиялаўда, оқыў-тәрбия бағдарындағы жаңаланыўларды кең жәмийетшиликке жеткериўде ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң мийнети шексиз болып есапланады.

Илаж жуўмағында бир топар ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң миннетдаршылық хаты ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы