Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Жәмийетшилик пенен ислесиў бөлиминиң усы жыл
26-июнь күнги мағлыўматларына қарағанда,
коронавирус инфекциясына шалынған адамлардың улыўма саны 144 болып, еки күннен берли турақлылық сақланбақта. Соннан 142 наўқас кеселликтен толық емленген. 2 наўқас емленбекте.

Емленип атырған пуқаралардың саламатлығы жақсы, коронавирус инфекциясы асқыныўы менен өткен аўыр жағдайдағы наўқаслар жоқ.

Ҳәзирги ўақытта 671 пуқара, соннан 56 пуқара арнаўлы карантин орынларында, 615 пуқара үйлеринде бақлаўда турыпты.

Усы күнге шекем 29 мың 965 пуқара коронавирусқа тексерилген, «Даўыт ата» шегара постынан өткен 5251 пуқара лабораториялық усылда тексерилген.

Карантин талапларын бузғанлығы ушын 13536 пуқараға ҳәкимшилик шара көрилген.

Кеселликке гүманлы наўқас анықланған жағдайда қыстаўлы үйрениў, шеклеў ҳәм дезинфекциялаў жумыслары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги