Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Жәмийетшилик пенен ислесиў бөлиминиң усы жыл 24-июнь күнги мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақстанда коронавирус пенен наўқасланғанлардың улыўма саны 144 ке жетти. Соннан 142 наўқас кеселликтен толық емленген, 2 наўқас емленбекте.

Емленип атырған пуқаралардың саламатлығы жақсы, коронавирус инфекциясы асқыныўы менен өткен аўыр жағдайдағы наўқаслар жоқ.

Ҳәзирги ўақытта 572 пуқара медициналық бақлаўға алынған. Соннан 25 пуқара арнаўлы карантин орынларында, 547 пуқара үйлеринде бақлаўда турыпты.

Усы күнге шекем 28 мың 977 пуқара коронавирусқа тексерилген. Мәмлекетимизге сырт еллерден кирип киятырған халықаралық ири жүк автотранспорт айдаўшыларында коронавирус инфекциясына тексериў жолға қойылған болып, усы күнге шекем «Даўыт ата» шегара постынан өткен 5034 пуқара лабораториялық усылда тексерилген.

Карантин талапларын бузғанлығы ушын 13322 пуқараға ҳәкимшилик шара көрилген болса, 2 пуқараға жынайый ис қозғалған.

Егер Сизиң денсаўлығыңызда өзгерис сезилсе, кеселлик белгилери пайда болған болса ўақытты өткермей, тез жәрдем 103 телефон номери арқалы шыпакерге мүрәжат етиўиңизди сораймыз.

Бул Сизиң усы кеселликке шалынбаўыңыз ҳәм басқаларға жуқтырмаўыңыз, аймағымызды «жасыл» аймаққа өткериў ушын  да зәрүр. Ҳәр бир пуқара өзинде жеке жуўапкершилик сезе билиўи, жеке гигиеналық қағыйдаларға әмел етиўи, зәрүрлик болмаса үйден шықпастан басқалар менен қатнаста болыўды шеклеўи керек.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги