Бажыхана басқармасының «Нөкис» сыртқы экономикалық жумыс бажыхана постында Өзбекстан Республикасының 2018-жыл 8-январьдағы «Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында»ғы нызамының мазмун-мәнисин түсиндириўге бағышланған ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар, оның түрлери ҳәм олардың ҳуқықый тәртипке салыныўы, мәмлекетлик уйымлар менен қатнасықлар туўралы мағлыўматлар берилди.

Нызамға бола мәпдар тәреплерге миннетлемелер арқалы қыйыншылық туўдырыў, тек рәсмий қағыйдалар ҳәм талапларға бойсыныўы ушын оларға ҳуқықлар бериўден бас тартыў ямаса олардың ҳуқықларын басқаша тәризде шеклеў ҳәкимшилик уйымларға қадаған етиледи.

– Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар физикалық ҳәм юридикалық тәреплер менен өз-ара қатнасыққа кирисип атырғанда әмелге асырылатуғын мәмлекетлик функциялардың тәртибин, улыўма принциплер ҳәм қағыйдаларды тәртипке салады,-дейди басқарманың юридикалық хызмети аға инспекторы, бажыхана хызмети майоры Б.Юсупов. – Бул ушырасыў бажыхана системасында хызмет етип атырған қәнигелердиң дурыс, нызамлы түрде хызмет етиўи, мүрәжатларды нызамда белгиленген мүддетлерде сапалы шешиўи, халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек екенлигин және бир мәрте түсиндириў мақсетинде өткерилмекте.

Карантин қағыйдаларына муўапық түрде бажыхана хызметкерлериниң тәжирийбесин, ҳуқықый билимин арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған бундай ушырасыўлар даўам етеди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги