СИЯСИЙ ПАРТИЯЛАР ТУРМЫСЫНАН

Шоманай районынан исбилермен Руслан Жарылқасымов елимизде Президентимиз басшылығында исбилерменлерге жаратылып атырған имканиятлардан пайдаланған ҳалда 2017-жылы «Prom service Shomanay» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине тийкар салған еди.

Бүгинги күни бул жерде жумыс үш сменада шөлкемлестирилген болып, тийкарынан полиэтилен грануларынан түрли өлшемдеги қалталар шығарылмақта. Өнимлер қала ҳәм районларға шәртнама тийкарында жеткерилип берилмекте. Зәрүр шийки зат есапланған полиэтилен грануралары Қоңырат районынан алып келингеннен кейин, шығарылып атырған өнимлердиң баҳасы арзан ҳәм сапалы.

O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси белсендилеринен ибарат жумысшы топар ағзалары жақында кәрхананың жумыслары менен жақыннан танысты. Ҳақыйқатында да, ислеп шығарылып атырған өнимлер өзиниң сапасы, көлеми ҳәм өтимлилиги менен ажыралып турады. Партия ўәкиллери елимизде жәрияланған карантин дәўиринде исбилерменлерге жаратылған шараятлар, ҳүкиметимиз тәрепинен белгиленген жеңилликлер туўралы толық түсиник берди.

Кәрхана жанында партия басланғыш шөлкеми мүйеши шөлкемлестирилди. Себеби, бул жерде мийнет етип атырған 20 жас партия ағзасы болып табылады.

O’zLiDeP Шоманай районлық Кеңесиниң аппарат басшысы Б.Каримовтың атап өткениндей, халық депутатлары районлық Кеңесиниң депутаты сыпатында Руслан Жарылқасымов карантин дәўиринде өзи сайланған аймақтағы кем тәмийинленген шаңарақларға азық-аўқат өнимлерин тарқатып, саўап ислерде де белсендилик көрсетпекте. Аймақтағы машқалаларды тийисли шөлкемлер менен биргеликте шешип, халықтың алғысына миясар болмақта.

Кәрхана жумысы менен танысыў барысында жумысшы топар ағзалары исбилерменниң машқалалары ҳәм алдағы ўазыйпалары менен ортақласты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги