Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 22-июнь күни Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдынан Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Елбасы Нурсултан Назарбаевқа тез арада саўалып кетиўин, беккем денсаўлық ҳәм күш-қуўат тиледи.

Сөйлесиўде коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қазақстанның жедел раўажланып атырған еки тәреплеме қатнасықлары ҳәм экономикасына пандемия ақыбетлериниң унамсыз тәсирин азайтыў бағдарында еки мәмлекеттиң ҳүкиметлери тәрепинен биргеликте көрилип атырған илажлар додаланды. Бул бағдардағы ҳәрекетлерди муўапықластырыўды буннан былай да күшейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.

Көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик принциплерине тийкарланған Өзбекстан – Қазақстан әмелий бирге ислесиўи избе-из кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара пайдалы байланыслардың тийкарғы бағдарларында қоспа жойбарлар әмелге асырылмақта. Оннан аслам жаңа жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылып атырған санаат кооперациясын беккемлеў бойынша «жол картасы» мақулланды.

Келешектеги ушырасыў ҳәм илажлардың режеси бойынша да пикир алысылды.

Сөйлесиў соңыңда Шавкат Мирзиёев ҳәм Нурсултан Назарбаев Өзбекстан ҳәм Қазақстан халықларына тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

 

ӨзА