Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты халқының электр энергиясына болған талабын толық қанаатландырыў мақсетинде 17-июнь күни Тақыятас ыссылық электр станциясында 280 МВт қуўатлылықтағы екинши пуў-газ қурылмасының иске түсирилиў процеси әмелге асырылды. Бул ҳаққында «Ыссылық электр станциялары» АЖ баспасөз хызмети хабар берди.

 

Усы пуў-газ қурылмасының иске түсирилиўи Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының электр энергиясына болған талабын қанаатландырыўға хызмет етеди.

 

Бул үлкен инвестициялық жойбар мәмлекетимиз Президентиниң 2017-жыл 11-сентябрьдеги «Тақыятас ЫЭСте 230-280 МВт қуўатлылыққа ийе еки пуў-газ қурылмасын қурыў» инвестициялық жойбарын әмелге асырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында әмелге асырылмақта.

Жойбар заманагөй алдынғы технологиялар тийкарында Қубла Кореяның «Hyundai Engineering» ҳәм «Hyundai Engineering & Construction» компаниялары консорциумы менен биргеликте әмелге асырылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.